“Жасалма интеллект тараўындағы ең жақсы стартап” таңлаўын өткериў усыныс етилди

88

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Президент тараў ушын жылына 2 мың қәниге таярлап атырған жоқары оқыў орынларының биринде жасалма интеллект лабораториясы жоқ екенине итибар қаратты.

Келеси оқыў жылына шекем 10 жоқары билимлендириў мәкемесин заманагөй лаборатория менен үскенелеў режелестирилген. Соның менен бирге, банклердиң бир жоқары оқыў орнында, жәми 9 сондай лаборатория шөлкемлестириў басламасы мақулланды.

“Жаңа Өзбекстан” университетинде “тармақ – жоқары оқыў орны – бирге ислесиўши” принципи бойынша ислейтуғын “жасалма интеллект кластери” иске қосылады. Келеси оқыў жылынан “ТОП-300” дизимге кирген университетлер менен биргеликте жасалма интеллект бойынша қоспа билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.

Жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект, финтех, киберқәўипсизлик,  IT инженерлик, аэрокосмослық ҳәм бултлы технологиялар сыяқлы бағдарлар ушын мәмлекетлик грант квоталары 35 процентке арттырылады. Студентлердиң жасалма интеллектке қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде жоқары оқыў орны жәмәәтлери арасында жасалма интеллект бойынша улыўма миллий таңлаў өткериледи.

Қолайлы экосистема жаратылғаны ушын жылдың басынан жергиликли стартапларға рекорд муғдарда – 264 миллион доллар инвестиция киргизилди. Бирақ онда жасалма интеллект тараўындағы стартаплардың үлеси еле аз екенлиги айтылды.

Сонлықтан, бундай стартапларды көбейтиў мақсетинде сыйлық қоры 1 миллион доллар болған “Жасалма интеллект тараўындағы ең жақсы стартап” таңлаўын өткериў усыныс етилди.

ӨзА