Үргенштеги “Ақыллы қала системасы” ўәлаят орайлары ҳәм пайтахт районларында да енгизиледи

91

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәжилисте аймақларда да жақсы мысаллар бар екенлиги атап өтилди.

Мәселен, Үргенш қаласында жасалма интеллект тийкарында “Ақыллы қала системасы” иске қосылды.

Ситуациялық орай шөлкемлестирилип, электр, газ, суў, ыссылық тәмийнаты, басқарыў-сервис компаниялары, транспорт, жол, абаданластырыў, шығынды кәрханалары бирден-бир системаға жалғанған.

Ҳәр бир бағдардан келип түсип атырған мүрәжатларды жасалма интеллект тийкарында таллап, жедел комплексли шешим бериў жолға қойылған. Булардың есабынан жылына 16 миллиард сум үнемленбекте.

Ўәлаят орайлары ҳәм пайтахт районларының барлық ҳәкимлерине Үргенштеги жаңа тәжирийбени үйренип, жылдың ақырына шекем өзинде енгизиў тапсырылды.

Басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына да тараўдың ишине кирип, жасалма интеллектти енгизиў бойынша имканиятларды иске қосыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

ӨзА