Көплеген кәрханалар бизнес процесслерин санластырып, қәрежетлерин 10 процентке шекем азайтып атырғаны атап өтилди

106

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

2030-жылға шекем жасалма интеллектке тийкарланған хызметлер көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў режелестирилген еди. Бирақ сырт елли экспертлер Өзбекстанның потенциалын 10 миллиард долларға баҳаламақта.

Буның ушын Санлы технологиялар министрлиги және де көбирек ислеўи, министрлер, ҳәкимлер, тармақ басшылары болса ҳәптеде бир күнин усы тараўды раўажландырыўға ажыратыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

– Барлық министрлер, ҳәкимлер сырт елге барғанында жасалма интеллект экономика тармақларының раўажланыўына қандай үлес қосып атырғанын, халыққа, бизнеске не жеңиллик берип атырғанын көрмекте. Бизде де соны ислеўге бола ма? Әлбетте болады, – деди Президент.

Мәселен, тармақлардағы көплеген кәрханалар бизнес процесслерин санластырып, қәрежетлерин 10 процентке шекем азайтып атырғаны атап өтилди. Жасалма интеллект те енгизилсе, нәтийжелилик және де артатуғыны атап өтилди.

Әдиллик, салық уйымлары жасалма интеллект жәрдеминде 24/7 режиминде онлайн мәсләҳәт системасын иске қосты. Бажыхана комитети жасалма интеллект арқалы қәўипти басқарыў системасын жолға қойды. Геологияда да жасалма интеллект жәрдеминде видеоанализ системасын жолға қойып, рудадан алынатуғын металл көлемин 1-2 процентке арттырыў бойынша жойбар таярланбақта. Бул тек ғана мыс қазып алыўдан жылына 20 миллион доллар қосымша дәрамат келтиреди.

ӨзА