Қарақалпақстанда туризмди және де раўажландырыў бойынша жойбар әмелге асырылады

86

Нөкисте жергиликли ресторан ҳәм кафе басшылары, туристлик агентликлериниң ўәкиллери қатнасыўында “QR Gastronomic Quality: Қарақалпақстанның тартымлылығын арттырыў ушын туризм хызметлериниң гастрономиялық сапасын баҳалаў ҳәм жақсылаў” жойбарын әмелге асырыў бойынша мәжилис болып өтти.

Жойбар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонди гранты тийкарында әмелге асырылып атырған болып, Қарақалпақстан Республикасында туризмди және де раўажландырыўға қаратылған.

– Бул жойбар туризм бағдарында хызметлер сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етиўдиң санлы ҳәм дәстүрий механизмлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, туризм базары катнасыўшылары арасында бәсекини күшейтиў, аймақты тартымлы туристлик жерге айландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўды нәзерде тутады, – дейди «DMO Karakalpakstan» жәмийетлик бирлеспеси баслығы М.Қосназаров. –  Бүгинги илажда жойбарды әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланып, туристлик хызмет сапасын арттырыў бойынша пикир алысылды.

Қарақалпақстанда туризм хызметлериниң сапасын бахалаў ҳәм мониторинг етиўдиң бирден-бир системасын жаратыў, сервис сапасын ҳәм қарыйдарлардың қанаатланыўын арттырыў мақсетинде туристлердин пикир-усынысларын тиккелей алыў ушын мобиль қосымша ҳәм онлайн платформа ислеп шығыў, туризм объектлеринде QR-кодлар жәрдеминде хызметлер сапасын оператив баҳалаўды жолға қойыў, хызмет көрсетиў дәрежесин арттырыў ҳәм тараўдың ең жақсы катнасыўшыларын хошаметлеўге қаратылған “QR Gastronomic Quality” таңлаўын шөлкемлестириў, халықаралық қәнигелерди тартқан ҳалда туризм субъектлери ушын комплексли тренинг ҳәм стажировкалар өткериў сыяқлы мәселелер қарап шығылды.

Мәжилис жуўмақлары бойынша қатнасыўшылар менен биргеликте Қарақалпақстанның гастрономиялық потенциалын үйрениў ҳәм күшейтиў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги