Көркем өнердиң жаңа орайы халық ийгилигине тапсырылды

Қарақалпақ халқының бийтәкирар тәбияты, әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев: «Қарақалпақ дияры өзиниң дүньяда уқсасы жоқ, қайталанбас көркем өнери менен бәршемизди таң қалдырып келеди. Әсиресе, ата-бабаларымыздан қалған бийбаҳа фольклорлық шығармалары дыққатқа ылайық. Өз журты, өз үлкесинде ата-бабаларының мийрасына бәрқулла садықлық руўхында жасап атырған мәрт ҳәм мийнеткеш қарақалпақ елиниң беккем ерк-ықрарына тән берип, бундай халық пенен ҳәр қанша мақтансаң арзыйды», – деген еди.
Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы тәрепинен соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўлары қатарында, Қарақалпақстанда мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылып, әсирге татырлық ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Әсиресе, Президентимиздиң тиккелей ғамқорлығының арқасында, Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп, Өзбекстан мәмлекетлик Мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының шөлкемлестирилиўи қарақалпақ халқының әййемги мәденияты ҳәм көркем өнерине деген ҳүрметтиң айқын көриниси болды десек асыра айтқан болмаймыз.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәртипте өткерилген 73-мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-апрель күнги 186-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилди.
2021-жылы бул оқыў дәргайына Профессионал билимлендириў бағдарлары бойынша көркем өнертаныў, музыка таныў, дирижёрлық (түрлери бойынша), вокаль көркем өнери (түрлери бойынша), сазендешилик (түрлери бойынша) тәлим бағдарлары бойынша 47 жас оқыўға қабылланған болса, 2022-жылы 57 студент, 2024-жылы 61 студент, 2025-жылы 71 студент қабылланды. Ҳәзирги ўақытта филиалда 241 студент 65 профессор-оқытыўшылардан заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.
Бирақ, тилекке қарсы, усы жыллар ишинде филиал өз алдына оқыў имаратына ийе емес еди. Сонлықтан дәслепки жыллары филиал профессор-оқытыўшылары өзлериниң сабақларын Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде өтиўге мәжбүр болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң арнаўлы қарары тийкарында, өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалының оқыў имараты ушын Нөкис қаласының Бағшылық мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан арнаўлы жер орны ажыратылып, улыўма баҳасы 27 млрд сум болған қурылыс жумыслары басланған еди.
Қурылыс жумыслары өткен жылы август айында «Тўпроқ қаъла махсус қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен басланып, 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан жуўмақланып, республикамыз халқына байрам саўғасы сыпатында тапсырылды.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа оқыў имаратының ашылыў мәресимине республикамыз басшылары, сенаторлар, депутатлар, профессор-оқытыўшылар, тараў пидайылары, нуранийлер ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Салтанатлы мәресим Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлары күни байрамы ҳәм жаңа имараттың халық ийглиги ушын пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.
Республикамыз басшысы өз сөзинде, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде билимлендириў, соның ишинде жоқары билимлендириўге қаратылып атырған итибар нәтийжесинде жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен тилге алып, жаратылып атырған бундай кең имканиятлардан республикамыз жаслары нәтийжели пайдаланыў кереклиги ҳаққында айтып өтти.
Соңынан республикамыз басшысы ҳәм көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен жаңа имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында студентлердиң билим алыўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

-Халқымыздың көркем өнер ҳәм мәдениятқа деген ықласы ҳәм ҳүрмети оғада жоқары – дейди усы филиал директоры Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Шуҳрат» медалының ийеси, профессор Рудакий Алламбаев.- Ҳүрметли Президентимиздиң республикамыз жасларына деген аталарша ғамқорлығының арқасында, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Буның ушын Журтбасшымызға үлкен рахмет айтаман. Келешекте студентлеримиз өзлерине билдирилген исенимди толық ақлап, дүнья сахналарында өзлериниң өнерлерин көрсетеди деп ойлайман.
– Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының 4 -курсында рубаб-прима қәнигелиги бойынша тәлим алмақтаман, -дейди усындай бахытлы жаслардың бири Ақсүңгүл Өсербаева. – Филиал ашылған ўақытта бир қуўанған едик, ҳәзир оннан да бетер қуўанып турман. Себеби, ендигиден былай бизлер халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын жаңа оқыў имаратында өз оқыўымызды даўам еттиремиз. Бул жерде жаслардың билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Бундай шараятларды жаратып бергени ушын Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳәм республикамыз басшыларына үлкен миннетадаршылық билдиремен.

Ашылыў салтанатына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т. Худайбергенов қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.