Оқыўға киргизиў менен байланыслы алдаўшылық жағдайы анықланды
115

Бул бағдарда Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Тахтакөпир районлық бөлими ҳǝм Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте бир неше мǝрте оператив илажлар өткерилди.
Атап айтқанда, пуқара И.Ж. пуқара М.О.ның исенимине кирип, жоқары лаўазымда ислейтуғын таныслары арқалы Нөкис қаласындағы Медицина колледжине оқыўға киргизип қойыўды ўǝде етеди. Буның есабына 1 мың АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған ўақтында айғақлы дǝлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-(алдаўшылық) ҳǝм 28, 211-(пара бериў) статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳǝрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги