Заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў керек

Самарқанд қаласында ҒМДАға ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлери басшыларының 21-мәжилиси болып өтти.
Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилген мәжилисте Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлериниң басшылары қатнасты.
Мәжилис алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң илаж қатнасыўшыларына мүрәжатын Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери Виктор Маҳмудов оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң мүрәжатында дәстүрий қәўип-қәтерлер күшейип, жаңа қәўип-қәтерлер пайда болып атырғаны себепли дүньядағы жағдай қыйын геосиясий шараятта раўажланып атырғаны, бул болса, өз гезегинде, Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң мәплерине тиккелей тәсир етип атырғанын атап өткен.
Атап өтилгениндей, кең көлемли урысқа айланып кетиўи мүмкин болған қураллы келиспеўшиликлердиң барған сайын кескинлесип атырғаны да қәўетер оятпақта. Сол себепли, тарийхый тәжирийбе ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары тийкарында турақсызлық ошақларын мүмкин болғанынша тезирек сапластырыў бойынша әдил ҳәм турақлы қатнасларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Өзбекстан регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң жедел раўажланыўы жолында халықаралық күн тәртибиндеги машқалалы мәселелерди сиясий-дипломатиялық жол менен шешиў тәрепдары екенлигине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Президентиниң мүрәжатында мәмлекетлеримиздиң суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм конституциялық тийкарларына қәўип туўдырыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде биргеликтеги ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў ҒМДА мәмлекетлери қәўипсизлик ҳәм разведка хызметлери уйымларының тийкарғы ўазыйпасына айланыўы керек екенлиги айрықша атап өтилген.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы, генерал-полковник Б.Қурбонов басшылық еткен мәжилисте қатнасыўшылар заманагөй қәўип-қәтерлер бойынша пикир алысып, ҒМДА мәмлекетлери разведка хызметлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша гезектеги ўазыйпаларды додалады.





Ушырасыў жуўмағында делегациялардың басшылары регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўдиң анық ўазыйпаларын ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.
Россия Федерациясы сыртқы разведка хызметиниң басшысы Сергей Наришкин мәжилис жуўмақлары ҳаққында өз пикирлерин билдирип, ҒМДАға ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлери басшыларының Самарқандтағы ушырасыўы нәтийжели болғанын атап өтти.
– ҒМДАдағы ҳәр бир мәмлекеттиң қәўипсизлик хызметлери бүгинги қыйын шараятта өз елинде қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарында тәжирийбеге ийе, – деди С.Наришкин. – Соның менен бирге, Дослық Аўқамы регионында ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарында биргеликте ҳәрекет етиўимиз, бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин дәўирдиң өзи талап етпекте. Усы жағынан 21-мәжилисте усы ҳәм басқа да бағдарларда мағлыўмат алмасыў, биргеликтеги ҳәрекетлеримизди муўапықластырыў бойынша пикирлесип алдық.
Ғолиб Ҳасанов,
Алишер Исроилов (сүўрет),
ӨзАның хабаршылары