Санаат ярмаркасы ҳәм инвестиция форумы болып өтти

Нөкисте санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар қатнасыўында аймақлық тармақлараралық санаат ярмаркасы ҳәм инвестиция форумы болып өтти.
Бул ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы, сондай-ақ, республикамыз ҳәм ўәлаятларынан келген 180 нен аслам санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар өзлериниң 600 ге шамалас өнимлериниң үлгилери, өзлестирилиўи режелестирилген импорттың орнын басатуғын товарлар, санаат кооперациясы арқалы локализациялаўға усыныс етилип атырған өним түрлери ҳәмде перспективалы жойбарлары менен қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Владимир Жоллыбеков қатнасып, ярмарка тәбийғый ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеў, нефть-химия санаат өнимлери, қурылыс материаллары, мебель қурылысы, электроэнергия ҳәм электротехника өнимлери және басқа да санаат тараўларында тармақлық-аймақлық кәрханалар арасында кооперация байланысларын және де беккемлеў менен бирге киши бизнес субъектлери ушын да үлкен имканиятлар жаратып беретуғынлығын атап өтти.
Соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты жедел раўажландырыў, өндиристи локализациялаў, санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарында бир қатар унамлы ҳәм нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде, республикамызда 3 мың 911 санаат кәрханасы ҳәм 94 сырт ел инвестициясы қатнасыўындағы кәрхана нәтийжели жумыс алып бармақта.
Санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 2023-жылда 17,8 триллион сумды, 2024-жылы болса 24,3 триллион сумды қурап, 106,2 процентке өсиўи тәмийинленди, усы жылдың жуўмағы менен өндирис көлеми 27 триллион сумға жеткерилиўи күтилмекте.
Сондай-ақ, аймақлық санаат кәрханаларының усы жылдағы өсиў пәти 65,9 процентти қураўы нәзерде тутылған.
Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде 2024-жылдың жуўмағы менен 512,0 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды ҳәм 2025-жылы салыстырмалы 120 процентке арттырылады.
Усы жылдың ақырында болса 38 түрдеги өнимниң локализацияланыўы есабынан 700 миллиард сумлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылыўы күтилмекте.
Санаат ярмаркасында санаат тармақлары, киши бизнес субъектлери республикамызда ислеп шығарылып атырған жергиликли өнимлерди сатып алыў ҳәм комплектлеўши бөлеклер, материаллар ҳәм шийки затты жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзиў имканиятына ийе болды.
– Бизлердиң Хорезм ўәлаяты Үргениш районындағы «Фейсал» ЖШЖ жумыс баслағанына 15 жыл болды ҳәм бүгинги күнде 2 мыңнан аслам түрдеги өним ислеп шығарылады, – дейди жәмийет хызметкери Муратбек Искандаров. – Бүгинги күнде Бухара, Ташкент ўәлаятларындағы, Қарақалпақстандағы бир қатар кәрханалар тийкарғы қарыйдарларымыз болып, оларға ислеп шығарып атырған өнимлеримизди өз ўақтында жеткерип бермектемиз. Келешекте сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында жумыслар алып барылмақта. Бүгин Нөкис қаласында өткерилип атырған ярмаркада бир қатар кәрханалар менен шәртнамалар дүздик. Бул болса жумысымызды және де кеңейтиўге ҳәм ислеп шығарып атырған өнимлеримиздиң көлемин көбейтиўге хызмет етеди.
Әҳмийетлиси, ярмарка даўамында санаат өнимлери көргизбелери, электрон кооперация биржасы порталының жумысы, санаат кооперациясын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, киши бизнес субъектлерин санаат жумысына кеңнен тартыў, инвестициялық имканиятлар, исбилерменликти раўажландырыў және тармақ ҳәм аймақларда санаат потенциалын арттырыўға қаратылған презентациялар, В2В ушырасыўлары өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги