Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў де жетекши бағдар болып қалмақта

80

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасыў өткермекте.

Ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, мийнетин қорғаў, кепилленген социаллық қорғаўдан пайдаланыўы ушын беккем нызамлы тийкарлар жаратылды.

Әсиресе, жаңаланған Конституция, жаңа редакциядағы Мийнет кодекси, “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы, “Кәсиплик аўқамлары ҳаққында”ғы нызамлардың қабыл етилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлер болды.

Парламент жанындағы Жәмийетлик эксперт кеңеслериниң қурамына кәсиплик аўқамларының ўәкиллери де киргизилди. Бул болса нызамларды қабыл етиўде хызметкерлердиң мәпи және де исенимли қорғалыўына хызмет етпекте.

Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў де жетекши бағдар болып қалмақта. Социаллық институтларды қоллап-қуўатлаў көлеми 2017-жылға салыстырғанда 100 есеге артып, усы жылы 1 триллион 200 миллиард сумға жетти.

Бүгинги күнде, пуқаралық жәмийети институтларының жумысына араласқаны, жәмийетлик қадағалаў нәтийжелерин көрип шықпағаны ушын жуўапкершилик белгиленди.

Өзбекстан – Халықаралық мийнет шөлкеминиң стандартларын қабыл етип атырған ең белсенди мәмлекетлер қатарынан орын алып атырғаны дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынып атырғанын атап өтиў керек. Сегиз жыл алдын бул шөлкемниң Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған ҳүжжетлериниң саны 12 болған болса, ҳәзирги күнде 25 ке жетти.

ӨзА