Түркий университетлер бирлеспекте: билимлендириў ҳәм илимде жаңа бет (+видео)

Ташкентте басланған гезектеги ири халықаралық әнжуман Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң ўәкиллери, Түркий университетлер аўқамына ағза жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм Түркий академия ўәкиллерин бир майданда жәмледи.
Илажда Әзербайжан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Венгрия, Арқа Кипр ҳәм Өзбекстаннан жәми 69 жоқары оқыў орны, 200 ге шамалас ректор, проректор ҳәм бөлим басшылары қатнаспақта.
Мәжилисте дәслеп Түркий университетлер аўқамына ағзалық арзалары көрип шығылды. Соң Орхун академиялық алмасыў бағдарламасын жетилистириў, Аўқам ушын турақлы секретариат ҳәм арнаўлы қор шөлкемлестириўге қаратылған ҳәрекетлер додаланды.
Дәстүрге бола, Өзбекстан тәрепи бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиўге байланыслы бир қатар анық ҳәм турмыслық усынысларды алға қойды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Түркий илим ҳәм инновация күнлери”н өткериў басламасына айрықша итибар қаратылды. Бул әҳмийетли баслама мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жақында Әзербайжанның Габала қаласында болып өткен ТМШ саммитинде алға қойылған еди.
Әнжуман шеңберинде Түркий академия тәрепинен әмелге асырылып атырған “Turk Barometer” илимий жойбарының 2024-2025-жыллардағы нәтийжеси таныстырылды. Бағдарламадан “Tashkent International University” аймағында мәмлекетимиздиң Түркий университетлер аўқамына ағза билимлендириў орынларының көргизбеси ҳәм U2U форматындағы ушырасыўлар да орын алған.
Форумның екинши күни Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде “Қараханийлер – Алп Ер Тунга (Афросиёб) әўладлары: Қараханийлер дәўириндеги түрк ҳәм ислам дүньясы” атамасында халықаралық илимий конференция өткериледи. Бул абырайлы илаж Түркий мәмлекетлер арасында билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўи, түркий дүньяда бирден-бир билимлендириў майданын қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болыўы күтилмекте.
Мусулмон Зиё, Дилшод Ҳакимов, Ойбек Давронов (видео), ӨзА