“Бирлик – 2025”: Өзбекстанда бес мәмлекет қатнасыўында ири әскерий оқыў шынығыўы басланды

129

Орайлық әскерий округ “Каттақорған” полигонында Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғыз Республикасы ҳәм Әзербайжан қорғаныў министрликлериниң бөлимлери қатнасыўында ири әскерий оқыў шынығыўына старт берилди.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң әскерий бирге ислесиў шеңбериндеги ең үлкен оқыўларынан бири – “Бирлик – 2025” Регионаллық биргеликтеги оқыўының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан кейинги жыллары халықаралық әскерий бирге ислесиў бағдарында үлкен жетискенликлерге ерисип, көплеген мәмлекетлер менен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бағдарларда – заманагөй билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, әскерий тараў бойынша шерикликти пүткиллей кеңейтиў, биргеликте әскерий оқыўларды өткериў, регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында бир қатар келисимлерге ерискенин атап өтиў керек, – делинеди Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабарында.

Ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, бир неше күнге мөлшерленген оқыўдың мақсети – мәмлекетлер арасындағы исенимди беккемлеў, әскерий бирге ислесиўди күшейтиў, дүньяда барған сайын күшейип атырған геосиясий кескинлик ҳәм кризисли жағдайлар, жүзеге келип атырған жаңа қәўип-қәтерлерге заманагөй шақырықларға нәтийжели қарсы турыўда тығыз шериклик байланысларын және де күшейтиў болып есапланады.

Атап айтқанда, “Бирлик – 2025” Регионаллық биргеликтеги оқыўында қатнасыўшылар ҳәзирги заман жаўынгерлик тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда урыс алып барыўдың ең нәтийжели усылларын қолланыў, узақ аралықлардағы нышанларды исенимли жоқ ете алатуғын артиллерия, ушыўшысыз ушыў аппаратлары, бронлы техника ҳәм басқа да қураллардың имканиятларынан пайдаланып, қойылған оқыў-жаўынгерлик ўазыйпаны биргеликте орынлайды.

Сондай-ақ, оқыў шеңберинде қатнасыўшылар жаўынгерлик өнердиң алдынғы усылларынан пайдаланған ҳалда жаўынгерлик таярлық шынығыўлары менен шуғылланыўы, ҳәр қыйлы жарысларда қатнасыўы, мәңги Самарқанд қаласына саяхат етип, халқымыздың бай тарийхый-руўхый мийрасы, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери менен жақыннан танысыўы нәзерде тутылған. Самарқандта Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Республикасы қорғаныў министрлериниң биринши ушырасыўы өткерилетуғыны да солардың қатарына киреди.

ӨзА