Мәҳәллелерде исбилерменлик жойбарларын кеңейтиў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Жаратылған имканиятлар есабынан 7 мың мәҳәлле мийўе-овощ, гүл жетистириў, пал ҳәррешилик, тигиншилик, мебель қурылысы, саўда ҳәм сервис сыяқлы 15 бағдарға қәнигелестирилди. 3 мың 326 мәҳәлледеги 50 процент шаңарақ бул система менен қамтып алынғаны ушын 1,5 миллион шаңарақ дәраматлы болды.
Мәҳәлле банкирлери, ҳәким жәрдемшилери ҳәр бир мәҳәлледе орташа 40 тан микро жойбар ислеўи ушын оларға усы жылы 6,5 триллион сум ресурс берилди.
Бирақ сонша ресурс берилсе де, ҳәмме ҳәкимлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги” де бирдей ислемей атырғаны атап өтилди. Аймақлардағы 2 мың 356 мәҳәлледе болса еле қәнигелесиў дәрежеси бираз төмен.
Жуўапкерлерге барлық мәҳәлледе қәнигелесиўди ақырына жеткериў керек екенлиги көрсетип өтилди. Онда мәҳәллелердиң халқы менен ушырасып, олардың имканиятынан келип шығып, анық қәнигелесиўин белгилеў, кеминде 200 мың халықты бәнт ететуғын микрожойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.
Келеси жылдан мийўе-овощқа қәнигелескен 2 мың 682 мәҳәллеге санаат алып кириў ушын жеңиллетилген ресурслар, бәринен бурын, сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў жойбарларына бериледи.
ӨзА