Дональд Трамп Израильде

“Реутерс” мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, бүгин АҚШ президентиниң самолйоты Бен-Гурион аеропортына келип қонған ҳәм оны Израил бас министри Бинямин Нетаняху күтип алған.
Атап өтилиўинше, Тел-Авивтеги жағалық бойында тынышлық келисимине ерисиўге жәрдем бергени ушын Трампқа миннетдаршылық сыпатында үлкен баннер орнатылған.
Трамп Израил парламенти – Кнессеттеги шығып сөйлеўи алдынан Газадағы келиспеўшилик жуўмақланғанын жәриялады.
– Бул мен ушын үлкен мақтаныш. Уллы ҳәм гөззал күн. Жаңа баслама, – деп жазған Қурама Штатлар жетекшиси ҳүрметли мийманлар китабында. Сондай-ақ, ол Пакистан ҳәм Аўғанстанды жарастырыўға таяр екенин де бийкарламаған.
Ҳәзир Ҳамас гиреўдеги 13 адамды Халықаралық қызыл атанақ комитетине тапсырды. Израил болса қамақханадағы тутқынларды қайтарыўға таярланбақта.
Израил сапарынан соң Трамп Египеттиң Шарм аш-Шейх қаласына жол алады. Ол жерде Газа секторындағы жағдайды тәртипке салыў бойынша саммит өткерилиўи режелестирилген.
Ў.Алимов, ӨзА