Регбишлеримиздиң кубоктағы табысы

2025-жыл 5-8-октябрь күнлери Әндижан ўәлаятының Булақбаши районында 15 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Регби-7 бойынша Өзбекстан кубоги болып өтти.
Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан күшли командалар қатнасып, кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара кескин гүрес алып барды.
Атап айтқанда, қызықлы өткен ойынлар жуўмағында, қызлар арасында қарақалпақстанлы регбишилер өзлериниң шеберликлерин көрсетип, кубоктиң қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Республикамыздың сайланды командасын тәжирийбели тренерлерден Жеткербай Базаров, Қутлымурат Приматов ҳәм Түгелбай Садўақасовлар таярлады.
– Турнир еки басқышта өткерилди, – дейди команданың бас тренери Жеткербай Базаров. – Дәслепки топар басқышында, оннан кейинги басқышта да қызларымыз жақсы ойын көрсетип, ярым финалға шықтық. Бирақ, ярым финалда бизлерге бираз әўмет ҳәм тәжирийбе жетиспеди. Алдағы ўақытлары бул кемшиликлерди дүзетип, чемпионлық ушын гүрес алып барамыз деп халқымызды исендирип қаламан.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул жарыста Хорезм ўәлаяты қызлары биринши, наманганлылар екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпаз команда ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған медальлар, дипломлар ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы