Президент Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Габала саммитинде бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды

Президент Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Габала саммитинде түркий дүньяның тилеклеслигин беккемлеў, жәҳән сиясаты, экономикасы ҳәм гуманитарлық тараўдағы ролин арттырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.
Соннан:
– регионаллық ҳәм глобал қәўипсизлик мәселелери бойынша көзқарасларды муўапықластырыў мақсетинде Самарқандта ТМШ сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлери басшыларының биринши биргеликтеги ушырасыўын өткериўди усыныс етти;
– Стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы тез пурсатта қабыл етиўди қоллап-қуўатлады ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкемин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў басламасы менен шықты;
– Түркий мәмлекетлердиң экономикалық шериклик бойынша Турақлы кеңесин дүзиў ҳәм оның Жойбарлаў офисин Ташкентте жайластырыўды усыныс етти;
– Жаңа экономикалық имканиятлар мәканын қәлиплестирип, Түркий мәмлекетлердиң Санаат альянсы, “Түркий жасыл коридорлар” системасы ҳәм “Жасыл трансформация” консорциумын шөлкемлестириў басламасын алға қойды;
– Органикалық аўыл хожалығы бойынша Экспертлер топарын шөлкемлестириў ҳәм түркий органикалық өнимлердиң бирден-бир брендин дүнья базарына алып шығыўды усыныс етти;
– Орта коридорды раўажландырыў ҳәм оны Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы және Трансаўған коридоры жойбарлары менен байланыстырыўды қоллап-қуўатлады, бажыхана тәртип-қағыйдаларын санластырыў ҳәм тарифлерди оптималластырыўдың әҳмийетли екенлигин атап өтти;
– Түркий инвестиция қорының жумысын кеңейтиў ҳәм халықаралық ҳәм миллий финанс институтлары менен бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиўди усыныс етти;
– Жасалма интеллект ҳәм креатив экономика бойынша “жол картасы”н қабыл етиў ҳәм Түркий дүнья халықаралық көргизбесин Өзбекстанда өткериў идеясын алға қойды;
– Өзбекстанда биргеликтеги изертлеўлер ҳәм инновациялар майданына айланатуғын Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң шөлкемлестирилетуғынын жәриялады;
– Экстремистлик ҳәм радикал идеологияға қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлер режеси ҳәм жаслардың экологиялық саўатлылығын арттырыў бойынша биргеликтеги илажлар ислеп шығыўды усыныс етти;
– 2026-жылы “Низамий Генжеўий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги – Түркий дүнья руўхый турмысында” атамасында халықаралық конференция өткериў басламасын алға қойды.
ӨзА