Пикир билдириўде жуўапкершилик жоғалмақта ма?!

113

Бүгинги күнде социаллық тармақлар адамлар ушын мәлимлеме алмасыўдан тысқары, өзин көрсетиў, бизнес жүргизиў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда жаңалықлар жаратыў ушын да әҳмийетли майдан болып хызмет етпекте. Бирақ, тилекке қарсы, бул платформалардың және бир тәрепи бар. Шаңарақ, жеке турмыс ҳәм ең нәзик қатнасықлар ашық додалаўға себеп болып, бул процесс көбинесе социаллық тармақ пайдаланыўшыларын еки тәрепке ажыратады. Мәселен, белгили инсанлардың ажырасыўы, атастырыўының бузылыўы ямаса басқа шаңарақлық жәнжеллер мыңлаған, ҳәттеки миллионлаған адамлар тәрепинен талқыланады. Бул жағдай адамлардың өз жеке турмысы менен шуғылланыўдың орнына, басқа адамлардың жеке турмысына қызығыўшылығын арттырады. Сондай-ақ, көпшилик өзин “әдиллик периштеси” сыпатында тутып, тәреплемелик етеди ямаса белгили тәреплерди қаралайды.

Инсан тәбиятында басқалардың өмирин бақлаў, олардың машқалаларын талқылаў қызығыўшылық оятады. Бул қызығыўшылық көбинесе жеке турмысындағы машқалалар, наразылықлар ямаса зеригиў сезиминен келип шығады. Социаллық тармақлар болса бундай қызығыўшылықты және де күшейтип, басқа адамлардың турмысына кирип барыў имканиятын жаратады. Бирақ, машқала сонда, адамлар көбинесе толық мағлыўматқа ийе болмай турып, жағдайды надурыс талқылайды ямаса өз тәреплерин қорғаў ушын тийкарсыз пикирлер билдиреди.

Тармақларда пикир билдириў аңсат болып қалғаны ушын көпшилик өз сөзлериниң ақыбетин ҳәр дайым есапқа алмайды. Жеке турмысқа араласыў, анық емес ҳәм надурыс мағлыўматлар тарқатыў көплеген зыянлы ақыбетлерге алып келеди. Бул тек ғана белгили шахслардың руўхый дүньясына тәсир етип қоймастан, ал жәмийетте исеним ҳәм ҳүрмет орталығын да бузады.

Социаллық тармақларда ўақыт ҳәм энергия өсек, тәрепдарлықларға жумсалып атырғаны, соның менен бирге, жаңа идеялар, социаллық жойбарлар, унамлы өзгерислер ушын потенциалдың жоғалтылыўына да себеп болыўы мүмкин. Жүдә әпиўайы ҳәм тек ғана шаңараққа тийисли болған машқалаларды додалаўға бирлескен адамлардың жумсаған ўақты ҳәм энергиясы, тийкарынан улыўма жәмийетлик мәселелер, сайлаўлар, экономикалық жойбарлар, социаллық раўажланыў ушын жумсалыўы мүмкин еди. Егер адамлар жеке турмыстағы өсеклерден көре, жәмийет пайдасына ислейтуғын мәселелерге қызығыўшылық билдирсе, бүгинги күнде және де көбирек социаллық, сиясий ҳәм экономикалық раўажланыўға ерисиў мүмкин болар еди.

Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир инсан өзиниң турмысының жекелигин ҳәм ҳүрмет етилиўин талап етиўге ҳақылы. Жәмийетте жеке турмыс ҳәм оған араласыў ҳаққында анық шеклер орнатылыўы зәрүр. Өз турмысымызға тийисли машқалаларды ашықтан-ашық додалаўды қәлесек те, басқалардың жеке турмысын ҳүрмет етиў ҳәм жеке турмысы ҳаққында артықша сөйлемеў миннетлемемиз бар.

Тармақларда кең тарқалған надурыс пикирлер жәмийеттиң нормаларын бузады ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларын төменлетеди. Жеке келиспеўшиликлер көпшиликке көрсетилгенде, социаллық тармақлар арқалы еки тәреплеме бөлиниў ҳәм келиспеўшиликлердиң күшейиўи жәмәәтлик аўызбиршиликтиң бузылыўына себеп болады.

Социаллық тармақлар инсан турмысының барлық тараўларына тәсир етпекте. Олардың унамлы тәреплери көп болыўына қарамастан, жеке турмысқа бийкарға араласыў, бир тәреплемелик ҳәм надурыс пикир билдириў жәмийеттиң руўхый дүньясына ҳәм раўажланыўына унамсыз тәсир етеди. Сол себепли, ҳәр бир пайдаланыўшы ҳәм платформа социаллық тармақлардың унамсыз ақыбетлерин азайтыўға умтылыўы, жеке өмирди ҳүрмет етиўи ҳәм жәмийеттиң улыўма мәплерине хызмет ететуғын жумысқа итибар қаратыўы зәрүр. Тек ғана солай қатнас жасаў арқалы биз ертеңги турақлы ҳәм абадан жәмийетти қурыўымыз мүмкин.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзАның хабаршысы