ЖСШ қағыйдалары тийкарында экспорт қалай әмелге асырылады?

101

Әдиллик министрлигинде “Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ)не қосылыўы: шөлкем қағыйдалары тийкарында экспортты әмелге асырыў” атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Саўда-санаат палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда қәнигелер, экспорт жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери қатнасты.

Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы шараятында экспорт жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерин әмелге асырылып атырған реформалардан хабардар етиў арқалы олардың жумысына жәрдемлесиў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда бул бағдардағы тийкарлар ҳаққында сөз етилди.

Президентимиздиң 2024-жыл 30-августтағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен төртинши ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында 2024-2025-жылларда жергиликли санаат тармақлары хызметкерлери тәрепинен аймақлардағы экспорты 1 миллион АҚШ долларынан жоқары болған кәрханаларды ЖСШ талапларына бейимлестириўге көмеклесиўди шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген.

Бул тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Әдиллик министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы тәрепинен экспорт жумысын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлериниң жуўапкер хызметкерлери ЖСШның экспорт бойынша қағыйда ҳәм нормалары менен таныстырылды. Экспорт тараўындағы миллий нызамшылықтағы өзгерислерден хабардар етилди.

Атап айтқанда, ЖСШның экспорт тараўындағы қағыйдалары, бажыхана нызамшылығы ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, экспорт пенен байланыслы санитариялық-эпидемиология, өсимликлер карантини, ветеринария мәселелери, интеллектуаллық мүлк ҳуқықларының экспорт жумысындағы әҳмийети түсиндирилди.

Семинар даўамында исбилерменлер ушын тема бойынша өз пикир-усынысларын билдириў имканияты жаратылды. Буннан тысқары, семинар жуўмағында исбилерменлер өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллеринен жуўаплар алды.

Н.Абдураимова, ӨзА