Өзбекстан-Ҳиндстан: минерал ресурслар тараўында биргеликтеги жойбарлар додаланды

Кейинги ўақытта мәмлекетимизде таў-кән санааты ҳәм геология тараўының раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Минерал ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, оларды қайта ислеў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Бул процессте тараўдағы бирге ислесиўши мәмлекетлер менен тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў айрықша әҳмийетке ийе.
Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Ҳиндстан Атом энергиясы департаменти ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында сөз болды.
Онда басқарыўшы тәрепинен министрликтиң жумысы, оның стратегиялық мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында әмелге асырылып атырған бирге ислесиўдиң перспективалары, атап айтқанда, энергетика шийки заты тараўындағы биргеликтеги басламалар бойынша пикир алысылды.
Өз гезегинде, ҳиндстанлы шериклер мәмлекетлеримиз арасында узақ жыллардан берли жолға қойылған бирге ислесиўди жоқары баҳалап, оны избе-из даўам еттириўден мәпдар екенин атап өтти. Сондай-ақ, делегация ўәкиллери бирге ислесиў көлемин кеңейтиў нәтийжесинде қымбат баҳалы, реңли ҳәм санаат ушын әҳмийетли минераллар бағдарларында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА