Сенатор “BeWOMAN ASIA” форумында қатнасты

Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң ағзасы Гулнара Маруфова Қазақстанның Алмата қаласында “BeWOMAN ASIA” Орайлық Азия форумында қатнасты.
Бул илажда 20 мәмлекет, соның ишинде, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, БМШ, ЕҚБШ ҳәм UN Woman сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң 100 ден аслам ўәкиллери қатнасты.
Форум ҳаял-қызлар жетекшилиги, гендер теңлик ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерине бағышланып, региондағы жетекши сиясатшы, илимпаз, исбилермен ҳәм экспертлерди бир майданда жәмледи.
Сенатор форумның “Орайлық Азия Ренессансы: әўладлар күши” атамасындағы биринши жалпы сессиясында қатнасты. Сенатор өзиниң шығып сөйлеген сөзинде соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм олардың жәмийеттеги орнын арттырыўға қаратылған системалы реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Өзбекстан нызамшылығы халықаралық стандартларға муўапық жаратылғаны, гендер теңлик ҳәм зорлықтан қорғаўға байланыслы әҳмийетли нызамлар қабыл етилгени атап өтилди. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўға ҳаял-қызлардың қатнасы кеңейген, соның ишинде, қызлар ҳәм ҳаял илимпазлар ушын имканиятлар артып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги