Чемпионға «Президент саўғасы» тапсырылды

130

 

Бизге белгили, жақында Хорватияның Загреб қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында грек-рим гүреси бойынша Ташкент ўәлаятының перзенти Айтжан Халмаханов алтын медальды қолға киргизген еди. Бундай жетискенлик пенен ол 24 жыллық тәнепистен соң усы бағдарда жәҳән чемпионы болған биринши өзбекстанлы спортшы сыпатында тарийхқа мөрленди.

Усы мүнәсибет пенен чемпионға мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Nurafshon Sity” аймағында жайласқан көп қабатлы турақ жайлардан үш бөлмели квартира тапсырылды. Илажға ўәлаят ҳәм Нурафшан қаласы, Орта Шыршық районының белсендилери, нуранийлар ҳәм жаслар, спортшының шаңарақ ағзалары ҳәм жақынлары қатнасты. Ҳәмме биргеликте жаңа шаңарақта мийман болды.

Ўәлаят ҳәкими З.Мирзаев белсендилер менен биргеликте спортшы ҳәм шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесип, оның жетискенликлерин атап өтти, алдағы жумысына әўмет тиледи. Жас спортшының халықаралық майданларда елимиздиң абырайын жоқары дәрежеде қорғап атырғаны, жоқары шеклерге қарай умтылып, жаслар ушын үлги болып атырғанын айрықша атап өтти.

– Бәринен бурын, Президентимизге, халқымызға үлкен рахмет, – дейди Айтжан Халмаханов. – Ерисип атырған жетискенликлериме устазларым, ата-анам ҳәм шаңарағымдағылар оғада қуўанышлы болды. Бул маған үлкен жуўапкершилик жүклейди. Буннан кейин де және де үлкен исеним менен ҳәрекет етемен. Алдағы гезектеги Олимпиада ойынларында да жоқары нәтийжелерге ерисиў нийетиндемен.

Илаж даўамында белсендилер де өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди. Нуранийлар пәтия етип, спортшының келешектеги жумысына әўмет тиледи.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы