Түркия ҳәм Өзбекстан жаслары өз-ара бирге ислесиўди додалады

Мәмлекетимиз жасларын қоллап-қуўатлаў, олар ушын кең имканиятлар есигин ашыўға тийкарғы әҳмийет қаратылып келинбекте. Буның нәтийжесинде бүгин жас әўлад ўәкиллериниң ерисип атырған жетискенликлериниң көлеми кеңейип бармақта.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Жаслар мәселелери бойынша комиссия ҳәм Жаслар парламенти ағзаларының Түркия Республикасы жаслар делегациясы ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтти.

Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў барлық бағдарларда, соның ишинде, жаслар сиясатында да кеңнен раўажланып атырғанын атап өтиў керек. Президентлер дәрежесиндеги турақлы сөйлесиў ҳәм биргеликтеги бағдарламалар нәтийжесинде жаслар ушын билимлендириў, инновация, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў, стартаплар ҳәм студентлер алмасыўы тараўында жаңа имканиятлар жаратылмақта.
Ушырасыў даўамында еки мәмлекеттиң жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў тараўындағы имканиятлар, инновациялық жойбарлар ҳәм креатив экономиканы раўажландырыў мәселелери кеңнен додаланды.

Сондай-ақ, Түркия ҳәм Өзбекстан жасларының өз-ара бирге ислесиўин тереңлестириў, қоспа жаслар форумлары, студентлер алмасыў бағдарламалары ҳәм жаслар стартапларын әмелге асырыў арқалы жаслар дипломатиясын раўажландырыў жоллары белгиленди. Спорт ҳәм туризм бағдарларында қоспа басламаларды жолға қойыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Сөйлесиўде Түркия жаслар делегациясының ўәкиллери Өзбекстанда жасларға қаратылған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады. Еки мәмлекет басшыларының өз-ара исеним ҳәм дослыққа тийкарланған сиясий бирге ислесиўи жаслар ушын да беккем тийкар жаратып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, еки мәмлекет жаслары арасындағы сөйлесиўди жаңа басқышқа көтериўге, илимий-инновациялық ҳәм исбилерменлик бағдарында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиўге таяр екенлигин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Түркия жасларын бирлестиретуғын бир қатар әмелий басламаларды қоллап-қуўатлаў, жаслар сиясатындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм еки халық арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге келисип алынды.
М.Комилова, ӨзА