Августта машқалалы кредитлер азайды

104

Орайлық банктиӊ хабарына бола, усы жылдыӊ август айы даўамында Өзбекстан коммерциялық банклериниң кредит портфели 4,8 трлн.сумға көбейип, жәми муғдары 581  трлн.сумнан асқан.

Кредит портфелиниң өсиўи мәмлекетлик банклерде (+2,5 трлн. сум) ҳәм басқа банклерде (+2,4 трлн. сум) дерлик бирдей муғдарда белгиленген.

Кредит портфелиндеги машқалалы кредитлер (NPL) үлеси август айы даўамында 751,6 млрд. сумға азайған.

Мәлим етилиўинше, 1-сентябрь жағдайына бола Өзбекстандағы банклердиң машқалалы кредитлери (NPL) 21,8 трлн. сумды қурамақта.

Кредит портфелине салыстырғанда NPL үлеси 3,8 процентке шекем азайды. Дерлик барлық банклерде қайтарылмай атырған кредитлер менен жағдай жыл басына салыстырғанда жақсыланды.

Ең көп NPL үлесине ие банк “Гарант банк” есапланады – 12,9 процент.

Машқалалы кредитлердиң муғдары ең көп банк болса 3,1 трлн. сум менен “Миллий банк” болып тур. Бирақ банк августта 700 млрд. сумға шамалас NPLдан қутылыўға еристи.

Ш.Маматуропова, ӨзА