Адаптив ҳәм пара спорт түрлери реестри тастыйықланды

Елимизде пара спорт түрлерин раўажландырыў, имканияты шекленген халық ўәкиллерин саламат турмыс тәризине кеңнен тартыўға жетерли шараятлар жаратыў, жигерли спортшылардың қатарын кеңейтиў бағдарында әҳмийетли бағдарламалар қабыл етилип, олардың орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Усы ҳәрекетлерден келип шығып, Спорт министрлиги тәрепинен адаптив спорт түрлери, соның ишинде, паралимпия, сурдлимпия, арнаўлы олимпиада ҳәм көзи әззилер спорт түрлериниң реестри ҳәм оның тармақлары тастыйықланды.
Бул спорт түрлери мәмлекетлик спорт билимлендириў мәкемелери, спорт мектеплери, қәнигелестирилген арнаўлы мектеп-интернатлары, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң спорт клублары базасында раўажландырылады.
Соның менен бирге, усы спорт түрлери бойынша шынығыўларға тартылған спортшылар ҳәм олардың тренерлери ҳаққындағы барлық мағлыўматлар ERP спорт бирден-бир электрон басқарыў системасы арқалы дизимге алынып, орайласқан ҳалда жүргизилетуғыны белгиленди.
Бул пара спорт түрлери бойынша селекция жумысларын алып барыў, шебер пара спортшылардың жумысын системалы мониторинг етиў, билимлендириў ҳәм таярлық процесин санластырыў және адаптив спорт түрлерин және де нәтийжели ҳәм ашық-айдын раўажландырыў имканиятын жаратыўы менен әҳмийетли болып есапланады.
Т.Рўзиев, ӨзА