Гилтшалғыш – халқымыздың және бир әжайып миллий мийрасы
99

Гилтшалғыш – қарақалпақ ҳаялларының көкирек безениў буйымы болып, көриниси 8 санын еслетеди. Оның төменги дөңгелеги жоқарыдағысына салыстырғанда үлкенирек көлемде исленген. Бул шексизлик, үйлесимлилик, өмирдиң үзликсизлиги символын сәўлелендиреди.
Қарақалпақ ҳаял-қызлары гилтшалғышты киндик тусына таққан. Халықтың түсиниги бойынша киндик өмирдиң басланыў дереги, ана менен баланы байланыстырыўшы ағза, соның менен бирге, ҳаялдың өсип-өниўиниң тийкары ретинде қаралған. Бул безениў буйымы туўыў қәбилетин асырады деп исенилген ҳәм ийесин тил-көзден қорғаўшы тумар сыпатында тағып жүрилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги