Мийнетлери тән алынған илимпаз

Алымлар – түни-күни излениўден, мийнеттен тоқтамайтуғын, илим жолындағы машақатларды писент етпейтуғын инсанлар. Олардың машақатлы мийнетлери аспан сырларынан бизди хабардар етеди, жер астына жасырынған тарийхты жанландырады.Мине, усындай алымлардан бири Өзбекстанда хызмет көрсеткен илим ғайраткери, академик Аҳмадали Асқаров.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына бола Мәмлекетимизде илим тараўын раўажландырыў, елимиздиң бай тарийхын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қосқан үлкен үлеси, талантлы илимпазларды таярлаўдағы ибратлы жумысы ушын Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң профессоры, академик Аҳмадали Асқаров “Буюк хизматлари учун” ордени менен сыйлықланды.
Бул сыйлықты илимпаздың туўылған күниниң 90 жыллығына бағышлап Илимлер академиясында өткерилген халықаралық-илимий конференцияда Президент кеңесгөйи Хайриддин Султонов салтанатлы тапсырды.
Буннан соң академик Асқаровтиң археология илиминдеги шексиз хызметлери, Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия тарийхының үйренилиўине қосқан үлеси кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери тәрепинен айрықша атап өтилди.
- Аҳмадали Асқаров тек шәгиртлерине ғана емес, ал тарийхқа қызыққанлар, студентлер, магистрларға билим берип, дурыс жолды көрсете алады, – дейди илимпаздың шәкирти Ташкент Әмелий илимлер университетиниң профессоры Нигора Эгамбердиева. – Устаз Өзбекстан тарийхы пәнине де үлкен жаңалықлар киргизген. Солардан ең әҳмийетлиси Өзбекстан мәмлекетшилиги тарийхының дәўирин 4 мың жыллық деп белгилеп берди. Бул, өз гезегинде Өзбекстан тарийхы пәнинде ең үлкен бурылыс есапланады. Аҳмадали Асқаров пүткил илимий жумысы даўамында академик Я.Ғ.Ғуломов археологиялық илимий мектептиң избе-из даўмашысы сыпатында археолог кадрлар таярлаў жумысына айрықша итибар берип келди. Оның жеке басламасы менен Россияның Москва, Санкт-Петербург, Новосибирск сыяқлы ири орайларында онлаған өзбекстанлы жас қәнигелер билим алды.
Сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары ушын 2 қолланба, 4 оқыў қолланбасы, 8 оқыў-методикалық жумыслар, орта мектеп 5-класс тарийх пәни оқытыўшылары ушын қолланба таярлап басып шығарды. Бул қолланба қарақалпақ, рус, тәжик, қырғыз ҳәм түркмен тиллерине аўдармаланып, көп нусқада мектеплерге жеткерилди. Аҳмадали Асқаров ҳәрекетлери ҳәм тиккелей басшылығында 1994-жылы “Өзбекстан тарийхы”нан орта мектеплердиң 6-9-класс оқыўшылары ушын қолланбалар таярланып, олар А.Асқаров редколлегиясы астында көплеген нусқада баспадан шығарылды. Усы жылы болса орта мектептиң 5-класслары ушын “Тарийхтан гүрриңлер” атамасындағы сабақлық жаратты.
Алымның бундай мийнетлери тән алыныўы жаслар ушын ибрат мектеби болып, оларды илимге қызықтырыў, излениўге умтылдырады ҳәм илим халқына болған ҳүрмет-иззетин күшейтеди.
Нигора РАҲМАНОВА,
ӨзА