Мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети арасындағы ашық-айдынлық жоқары баҳаланды

91

Олий Мажлис Сенатына БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкили Матильда Богнер келди.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған инсан ҳуқықларына байланыслы баслама ҳәм усыныслар айрықша атап өтилди.

Инсан ҳуқықлары тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, халықаралық миннетлемелерди орынлаў, сондай-ақ, Сенат ҳәм БМШ структуралары арасындағы институционаллық бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Тәреплер кең жәмийетшилик ҳәм халықаралық экспертлердиң қатнасыўында ислеп шығылып атырған Инсан ҳуқықлары бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегия жойбары, сондай-ақ, халықаралық миннетлемелерди әмелге асырыўға қаратылған парламентлик қадағалаўдың жаңа түрлерин додалады.

М.Богнер Өзбекстанның мәжбүрий мийнетти сапластырыў, суд-ҳуқық системасын реформалаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети арасында жолға қойылған ашық-айдынлық ҳәм қарым-қатнасты күшейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, судьялар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин оқытыў, парламенттиң халықаралық есабатларда қатнасыўы, инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелерин додалаўға пуқаралық жәмийетти жедел тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Норгул Абдураимова,

ӨзАныӊ хабаршысы