БМШ Бас Ассамблеясының сессиясы шеңбериндеги нәтийжели сөйлесиўлер

116

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясы шеңбериндеги бир қатар мәмлекет басшылары ҳәм БМШ Бас хаткери менен ушырасыў өткерди.

Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп пенен ушырасыўда Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм тийкарғы бағдарлары толық додаланды.

Регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды. Усы жыл 5-сентябрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиў жуўмағында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трампты ишки ҳәм сыртқы сиясатты әмелге асырыўдағы жоқары табыслары менен қызғын қутлықлады. Оның халықаралық ҳәм регионаллық көлемдеги кескин келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў бағдарындағы жеке үлеси ҳәм ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде, АҚШ жетекшиси Жаңа Өзбекстанда экономиканы модернизациялаў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм халықаралық абырайды жоқарылатыўға қаратылған артқа қайтпайтуғын реформаларды және бир мәрте қоллап-қуўатлады.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сиясий сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны, исбилерменлик байланыслары жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

АҚШ Президенти күни кеше Өзбекстан жетекшисиниң АҚШтың 50 ден аслам ири компания ҳәм банклериниң басшылары менен өткерген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлердиң пайдалы нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Пуқаралық авиация, таў-кән санааты, әҳмийетли минераллар, қаржы, инновациялар, химия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Бул жойбар ҳәм келисимлер еки елде он мыңлаған жаңа жумыс орынларын жарататуғыны атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трампты өзи ушын қолайлы мүддетте Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамптың ушырасыўы ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

Корея Республикасы Президенти Ли Чже Мён менен ушырасыўда Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жылларда өз-ара бирге ислесиўде үлкен раўажланыўға ерисилгени, барлық дәрежелердеги алмасыў ҳәм сөйлесиўлер жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы артып бармақта. Корея компанияларының Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларының көлеми 8 миллиард доллардан артты.

Елимизде Корея жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 4 филиалы, елимиз аймақларында профессионал билимлендириў орайлары табыслы жумыс алып бармақта.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги, Корея Эксимбанки ҳәм оның фондлары менен көп жыллар даўамында нәтийжели шериклик етип атырғаны, жойбарлардың улыўма портфели 3,5 миллиард долларға жеткени жоқары баҳаланды.

Әҳмийетли шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў, химия, машина қурылысы, аўыл хожалығы, транспорт, авиация, биотехнологиялар ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды алға қойыўды нәзерде тутатуғын жаңа узақ мүддетли Технология ҳәм санаат шериклиги бағдарламасын таярлаў бойынша келисимге ерисилди.

Усы мәниде, Ҳүкиметлераралық комиссияның болажақ мәжилисин нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық, соның ишинде, “Орайлық Азия – Корея Республикасы” форматындағы бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Корея Президентин мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Албания Президенти Байрам Бегай менен ушырасыўда сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме қатнасықларды, соның ишинде, сиясий сөйлесиў ҳәм экономикалық бирге ислесиў механизмлерин жаратыў арқалы сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға өз-ара қызығыўшылық билдирилди.

Саўда ҳәм инвестиция тараўларындағы бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыў, аграр ҳәм азық-аўқат санааты, транспорт ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарларын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыўда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша миллий ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде БМШ менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Антониу Гутерришти БМШтың юбилей сессиясы менен қызғын қутлықлап, оның шөлкем системасын заманагөй реаллыққа сәйкес түрде реформалаў бағдарындағы басламаларын қатаң қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан ҳәм БМШ шериклигинде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 160 тан аслам бағдарлама ҳәм жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Октябрь айында бес жылға мөлшерленген жаңа Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылыўы күтилмекте.

Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди. Өзбекстан ЭКОСОС, Инсан ҳуқықлары бойынша комитет, Статистика комиссиясы сыяқлы абырайлы структураларға ағза етип сайланды.

Өзбекстанның басламасы менен ертең БМШ бас резиденциясында балалар рагы ҳәм басқа да аўыр кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша жоқары дәрежедеги форум болып өтеди. Самарқанд қаласында ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясына қызғын таярлық көрилмекте.

Антониу Гутерриш Өзбекстан Президентиниң Бас Ассамблеяның юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзине жоқары баҳа берип, оның Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, Жаңа Орайлық Азияны қәлиплестириў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект, жаслар, ағартыўшы ислам дини ҳәм басқа да тараўларда глобал бирге ислесиўди алға қойыў бағдарындағы басламаларының әҳмийетин айрықша атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тийкарғы бағдарларда кең көлемли шерикликти раўажландырыў, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлама ҳәм жойбарларын ислеп шығыўға келисип алынды.

Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн менен ушырасыўда усы жылы август айында Өзбекстан Республикасына әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўы додаланды.

Өзбекстан ҳәм Иорданияның жетекши компанияларының қатнасыўындағы тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

Чехия Республикасы Президенти Петр Павел менен ушырасыўда саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Саўда, инвестициялар, инновациялар, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперацияны раўажландырыў бойынша анық жойбарлар додаланды.

Уйымлараралық байланысларды жедел даўам еттириўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА