Төлемли автомобиль жолларынан кимлер бийпул пайдалана алады?

“Автомобиль жоллары ҳаққында”ғы нызам жойбары менен төлемли жоллар тармағын қурыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта. Төлемли автомобиль жолларын қурыўға тек ғана альтернатив төлемли ҳәрекетлениў жолы бар болғанда ғана рухсат бериледи.
Соның менен бирге, төлемли автомобиль жолынан ҳәрекетлениў ушын төлем муғдары автомобиль жоллары пайдаланыўшыларының социаллық-экономикалық талаплары қанаатландырылыўын есапқа алған ҳалда, экономикалық жақтан өзин ақлайтуғын болыўы керек екенлиги нәзерде тутылмақта.

Төлемли автомобиль жолларынан ишки ислер, тез жәрдем, өрт қәўипсизлиги сыяқлы арнаўлы хызметлердиң машиналары бийпул пайдаланыўы мүмкин.
Бул нызам жойбары парламент төменги палатасының мәжилисинде екинши оқыўда статьяма-статья додаланды.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында “автомобиль жолларын режелестириў” механизмин енгизиў, жол инфраструктурасын халық ҳәм экономиканың өсип баратырған талапларына сәйкес ҳалда раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, жолларды жойбарластырыўда халықтың пикири ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин есапқа алыў және пиядалар ушын тосқынлықсыз орталықты жаратыў бойынша қатаң талаплар орнатылмақта.
Буннан тысқары, жойбарда коммуникация тармақларын қурыўда жоллардың бурынғы жағдайын тиклеў қәрежетлерин қаплаў шәрти де киргизилмекте. Жолларда үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекети тәртипке салынбақта. Қалаберди, ажыратылған ҳәм жол бойы аймақларында хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыўға байланыслы талаплар белгиленбекте.
Нызам жойбарындағы нормалар жоллардың сапасын жақсылаў арқалы әмелдеги автомобиль жоллары тармағын узақ ўақытқа шекем саз ҳалында сақлап турыў, төлемли жоллар тармағын қурыў, тараўға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўға хызмет етеди.
Статьяма-статья додалаўлардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА