Исбилерменлик қоллап-қуўатланбақта

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлардың басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты.
Ушырасыўға Кегейли, Шымбай, Әмиўдәрья, Елликқала, Шоманай, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында жумыс алып барып атырған исбилерменлер ҳәм жуўапкер басшылар қатнасты.
Онда дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, регионның инвестициялық тартымлығын арттырыў бағдарында өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында берилген жеңилликлер, жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Буннан соң жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске қосыў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлықта ислеўин тәмийинлеў бойынша исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслар тыңланды.

Илажда исбилерменлерди қыйнап киятырған мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылып, билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ал, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, оларды тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги