Санлы раўажланыў: медицина, билимлендириў ҳәм транспорт тараўларында жаңа имканиятлар

2025-жыл 16-сентябрь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Республика аймақлары, тараў ҳәм тармақларында санлы технологияларды енгизиўди буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары мәмлекетте санлы технологияларды енгизиў процесин жеделлестиреди. Қарарда айрықша итибар медицина, билимлендириў ҳәм транспорт тараўларындағы хызметлерди санластырыў сондай-ақ, жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў мәселелерине қаратылған.
2026-жылдың ақырына шекем денсаўлықты сақлаў системасында “Шыпакердиң санлы жәрдемшиси” бағдарламасы иске қосылады. Бул бағдарлама жасалма интеллект тийкарында ислеп шығылып, медициналық тексериў процесинде шыпакердиң сөзин автомат түрде баянлайтуғын даўыслы жәрдемши ҳәм наўқасларға диагноз қойыўда жәрдем береди.
Бул қатнас тек ғана денсаўлықты сақлаў системасының нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал наўқасқа хызмет көрсетиўдиң сапасын да жақсылайды. Бундай технологиялар сырт елде әлле қашан табыслы енгизилген болып, олардың Өзбекстанда да енгизилиўи медицина тараўында санлы инновацияларға тийкар жаратады.
2025-жыл 1-ноябрьден мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қайтарыў бойынша Бирден-бир портал арқалы мүрәжат етиў имканияты жаратылады.
Бул имканият студентлердиң социаллық шараятларын жақсылаў, жасаў қәрежетлериниӊ бир бөлегин қаплаўға тийкар жаратып, хызметлерден пайдаланыўда ашық-айдынлықты тәмийинлейди. Санлы мүрәжат түри коррупция жағдайларының алдын алыўда да әҳмийетли қурал болыўы мүмкин.
2026-жыл 1-январьдан орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириў процесине байланыслы мәмлекетлик хызметлер Бирден-бир портал арқалы көрсетиледи.
Бул басқыштан баслап барлық билимлендириўге байланыслы мәмлекетлик хызметлер бирден-бир портал арқалы усынылады. Оған оқыўға қабыллаў, дипломларды тастыйықлаў, көшириў, академиялық мағлыўматлар алыў сыяқлылар киреди. Санластырыў арқалы артықша қағазпазлық сапластырылып, билимлендириўдеги басқарыў системасы қолайласады.
2025-жыл 1-ноябрьден транспортқа газ балоны орнатылғанына байланыслы мағлыўматларды электрон түрде жүргизиў арқалы транспорт қуралын дизимнен өткериў гүўалығын қайта рәсмийлестириў тәртиби бийкар етиледи.
Автотранспорт тараўында бундай әпиўайыластырыўлар автотранспорт ийелери ушын қолайлық жаратады, ўақыт ҳәм қаржыны үнемлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги аймақлық бөлимлериндеги артықша жүклемени азайтады.
Президент қарары тек ғана технологиялық жақтан алдынғы емес, ал социаллық әдиллик ҳәм хызметлерде теңликти тәмийинлеўге қаратылған.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА