Исбилерменлердиң сыртқы базарларға шығыўы ушын имканиятлар жаратылмақта

103

Мәмлекетимизде исбилерменлик қоллап-қуўатланып, оларға кең көлемли жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратып берилмекте.

Ташкент қаласы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў басқармасында экспортшы кәрханалар ушын шөлкемлестирилген халықаралық семинарда бул бойынша толық мағлыўмат берилди.

Илажда экспортшы кәрхана ўәкиллери, жас исбилерменлер, саўда тараўының қәнигелери және жас фермерлер кеңеси ҳәм экспорт штабының ағзалары қатнасты.

Ҳиндстанлы халықаралық қәниге Шура Чакраборти қатнасыўында болып өткен оқыў-семинарының тийкарғы мақсети жергиликли исбилерменлеримизди халықаралық саўда майданында табыслы жумыс алып барыўға таярлаў, олардың экспорт потенциалын арттырыў ҳәм дүнья базарында бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратылды.

Оқыў-семинары даўамында жас исбилерменлер экспорт жумысының тийкарлары, оны ислеп шығыў режеси ҳәм қорғаў принциплери, халықаралық базарларды таллаў, потенциаллы қарыйдарлар менен ислесиў тәртиплери, саўда, логистика, бажыхана процесслерин нәтийжели басқарыў усылларын жақыннан үйренди.

Бундай оқыў-семинарлары елимиздиң және 14 аймағында өткерилиўи режелестирилген.

Исбилерменлеримиз ушын бул оқыў-семинары жаңа базарларды ашыў, экспорт жумысында ушырасатуғын машқалаларды шешиў ҳәм нәтийжели бизнес стратегияларды ислеп шығыўда үлкен имканият жаратады, деп ойлаймыз.

Ш. Маматуропова, ӨзА