Аталыққа алынған жаслар қоллап-қуўатланбақта

80

Шымбай районы прокуратурасы тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар турақлы шөлкемлестирилип келинбекте. Буннан мақсет, аталыққа алынған жаслардың усыныс ҳәм машқалаларын тыңлаў, оларды қыйнап киятырған социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўден ибарат.

Район прокуроры Р.Халмуратовтың гезектеги үйрениўлеринде Тағжап АПЖда жасаўшы Е.Қайратдиновтың турақ жайы оңлаўға мүтәж жағдайда екенлиги анықланған еди.

Бүгин болса турақ жайды оңлаў ушын қурылыс материалларының жеткерип берилиўи тәмийинленди.

Буннан тысқары, Конши МПЖда жасаўшы Ж.Шакировқа исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдем берилди.

Бүгинги күнге шекем, район прокурорына бириктирилген 10 жастың 9ында анықланған социаллық-экономикалық машқалаларына унамлы шешимлер табылды.  Яғный, 6 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленип, 3 жасқа жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўына жәрдем берилди. 5 адамның айдаўшылық гүўалығы ҳәм паспорт пенен байланыслы машқалалары шешилди.


Район жасларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги