Өзбекстанда Балалар омбудсманларының биринши халықаралық форумы өткериледи

2025-жылдың 11-12-сентябрь күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманларының биринши халықаралық форумы болып өтеди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң (БМШ) Балалар қоры (ЮНИСЕФ) ҳәм Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Өзбекстандағы жойбарлары координаторы менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған халықаралық әнжуман “Орайлық Азия мәмлекетлеринде бала ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери: Балалар омбудсманлары регионаллық бирге ислесиўиниң перспективалары” темасына бағышланады.
Өзбекстан Балалар омбудсманы Сурайё Раҳмонова усы халықаралық форум ҳаққында айтып берди:
– Соңғы жыллары мәмлекетимизде балалардың мәплерин исенимли тәмийинлеў жолында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Балалар мийнетин сапластырыў, оларды ҳәр қыйлы зорлықлардан қорғаўға қаратылған әмелий жумыслар халықаралық көлемде де тән алынбақта.
Өзбекстанда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған ашық, прагматикалық ҳәм көп тәреплемели сыртқы сиясат балалар ҳуқықлары тараўында да өзиниң нәтийжели көринисин таппақта. Балалардың мәплери жолында халықаралық бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары кеңеймекте.
Халықаралық дәрежедеги ири шөлкем – ЮНИСЕФ пенен Өзбекстанның бирге ислесиўи беккемленип бармақта. Өз-ара бирге ислесиўде көплеген ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Балалар дус келип атырған қыйын жағдайларды мәмлекетлераралық бирге ислесиў тийкарында шешиў бойынша биргеликтеги жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Балалар омбудсманы басқа мәмлекетлердиң Балалар омбудсманлары менен нәтийжели байланысларды избе-из жолға қойған.
Соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманларының тығыз байланыслары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде социаллық аўыр жағдайда болған балаларды сырт елден өз Ўатанына қайтарыў илажлары көрилмекте. Бундай балалардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, оларға социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, қәўендерликке бериў сыяқлы әмелий жумыслар орынланбақта.
Бала ҳуқықларын қорғаў тараўында регионда алдынғы мәмлекетлерден болған Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманлары қарым-қатнасы регионаллық платформасын жаратыў басламасын алға қойғанын атап өтиў керек.
Буның әмелий нәтийжеси сыпатында пайтахтымызда болып өтетуғын биринши халықаралық форумнан гөзленген тийкарғы мақсет – балаларды қорғаў тараўында конструктивлик тәжирийбе алмасыў, улыўма машқалаларды оптимал шешиўге қаратылған илажларды белгилеўден ибарат.
Регионаллық ҳәм трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирден-бир көзқарасларды ислеп шығыў ушын Орайлық Азия мәмлекетлериниң Балалар омбудсманлары арасындағы сөйлесиў өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжели регионаллық платформасына айланады.
Мәмлекетимизде өткерилип атырған халықаралық әнжуманда Орайлық Азия мәмлекетлери – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Балалар омбудсманлары менен бир қатарда Финляндия, Норвегия, Хорватия сыяқлы Европа мәмлекетлери Балалар омбудсманлары ҳәм Европа Балалар омбудсманлары тармағы (ENOC) ўәкиллериниң де қатнасыўы күтилмекте.
Форумда мәмлекетимиз парламентиниң ўәкиллери, жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасады.
Еки күнлик халықаралық форум шеңберинде бала ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелерине бағышланған пленар сессиялар өткериледи.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң бала ҳуқықларына байланыслы халықаралық ҳүжжетлер нормаларын миллий нызамшылыққа енгизиў тәжирийбеси, региондағы балалар жағдайының миллий мониторинги, Балалар омбудсманларының регионлараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары, Интернет мәканында балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, балаларға байланыслы зорлықтың барлық түрлериниң алдын алыўдың нәтийжели механизми, балалардың әдил судлаўдан нәтийжели пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер дыққат орайында болады.
Кеңнен додалаўлар ҳәм өз-ара пикир алысыў нәтийжесинде Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманларының қарым-қатнас ҳәм өз-ара бирге ислесиў регионаллық платформасын жолға қойыў, бала ҳуқықларын қорғаўға қаратылған миллий стратегия ҳәм режелердеги ҳәрекетлер ҳәм халықаралық басламаларды интеграциялаў, сондай-ақ, регион мәмлекетлери Балалар омбудсманларының потенциалын арттырыў ўазыйпалары көрип шығылады.
Әнжуман жуўмағында бала ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўында Орайлық Азияда регионлараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманлары форумының Декларациясы қабыл етиледи.
Өзбекстанның басламасы менен биринши мәрте Ташкентте шөлкемлестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери Балалар омбудсманлары форумы келешекте ҳәр жылы өткерилиўи режелестирилмекте.
Улыўма, турақлы тийкардағы регионаллық платформаның жолға қойылыўы балалардың мәплерин қорғаў тараўында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бирден-бир сөйлесиў майданының беккем тийкары болып хызмет етеди.
ӨзА