Хожелиши Азиз трансформатор ислеп шығармақта

96

Биз электр энергиясын қәўипсиз жағдайда мөлшери менен жеткерип беретуғын трансформаторларды тек ғана үлкен заводларда ислеп шығарады деп ойлайтуғын едик.  Ал, бул үскенени Хожели районында жасаўшы Азиз Тажибаевтың өзи басшылық етип атырған  “ISAKO-ENERGO-KOMPLEKT” ЖШЖ  да  ислеп шығарып атырғанлығын еситкенимизде жасларымыз арасында өндиристе жеке исбилерменликтиң раўажаланып атырғанлығының және бир мәрте гүўасы болдық.

Ол Президентимиз тәрепинен жасларға жаратып берилип атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, 360 млн сум кредит алып цехты ашып ҳәм ол жерде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге ериседи. Яғный басында бир жумысшы менен жумыс баслаған болса   ҳәзирги ўақытта  жумысшылар саны беске жетти. Тутыныўшылардың буйыртпалары бойынша тез ҳәм сапалы түрде ҳәр түрли қуўатлықтағы транформатор пунктлерин жыйнап, республика бойынша жеткериў ҳәм тийисли қәнигелер менен биргеликте қурып бериў хызметлери толық жолға қойылған.

Азиздиң бул тараўға қызығыўшылығы тосыннан болғаны жоқ. Мийнет жолында электр тармақлары кәрханасында жумыс ислеген әкесиниң қасында жүрип бул кәсиптиң барлық  сырларын үйрениўге ерискен ол, қызығыўшылығы арқасында трансформатор ислеп үйрениўди алдына мақсет етип қояды. Басында кеўлиндегидей болып шықпаса да ол бул жолдан қайтпай мақсетине қарай талпынып, бәрқулла үйренип, ҳәрекетте болады. Ақыры өзиниң нийетине жетип қурамалы үскене болған трансформаторды ислеп шығарыўға миясар болады. Бул жолда ол әкесинен, қәнигелерден мәсләҳәт алыў менен бирге, социаллық тармақлардағы жол жобалардан да үйренеди.

-Қурамалы ҳәм мийнети аўыр талап болғаны менен өз мийнетимиздиң жемисин көрип қуўанамыз. Халыққа пайдамыз тийип атырғанлығы жумысымыздың және де алға қарай раўажланыўына тийкар болмақта. Келешекте цехымызды  кеңейтип, жаңадан жумыс орынларын жаратып, транформатор пунктлерин көплеген аймақларға жеткериўди мақсет етип қойдық,-дейди ол режелери ҳаққында.

Азиздиң цехында ислеп шығарылып атырған трансформаторлар тек ғана республикамызда емес ал, ўәлаятларда да өз қарыйдарларын таппақта.  Жакында ол буйыртпа бойынша  Бухара ўәлаятына трансформаторды апарып,  орнатып берип қайтты.

-Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге имканиятлар жаратылып, бир қатар  жеңилликлер берилмекте.  Әсиресе, енгизилген салық жеңилликлери биз исбилерменлердиң жумысларын жеңиллестирмекте. Усы имканиятлардан пайдаланып жақында және де жеңиллетилген кредит алып, цехымыздың жумыс көлемин кеңейтиўди режелестирип атырман. Жаңа жумыс орынларын жаратып, жумысшыларға жатақхана салып, шараятларды жаратпақшыман,-дейди ол.

Ҳәзирги ўақытта цехта жумыс қызғын. Трансформаторлардың сапалы болып шығыўы ушын  қызғын жумыс ислеп атырған жумысшылар ҳәр қандай иске итибар ҳәм жуўапкершилик пенен қарайды. Әлбетте бул жуўапкершилик ҳәм кәсипке садықлық жумыс нәтийжесин  арттырып, халқымызға сапалы хызмет етиўге тийкар болады.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги