Өзбек тойларындағы жаңа үрп-әдетлер саналы әмел ме ямаса көзсиз еликлеў ме?!

Өзбек тойлары мың жыллық тарийх, мәденият ҳәм қәдириятлардың жәмленген түри. Ҳәр бир үрп-әдет, мәресим ҳәм дәстүрдиң өзине тән мазмуны бар. Бул бахыт тилеў, бирликти беккемлеў, жәмийет алдындағы жуўапкершиликти аңлаў сыяқлы мәнилер менен толы.
Бирақ, бүгинги күнде глобалласыў дәўиринде мәдений ағымлар, әсиресе, ғалаба хабар қураллары, фильмлер, социаллық тармақлардың тәсиринде өзбек тойларында сырт ел – ҳинд, түрк ҳәм ҳәттеки батыс дәстүрлери де көзге таслана баслады.

Той тек ғана еки жастың бирлесиўи емес, ал шаңарақларды жақынластыратуғын әҳмийетли социаллық ўақыя. Бирақ ҳәзирги ўақытта той, яғный еки жастың бир шаңарақ болыўынан халықты хабардар етиў мақсетинде өткерилетуғын мәресим өзиниң тийкарғы мәниси шетте қалып, фильмди сүўретке алыў майданшасына айланып қалып атырғандай, сыяқлы. Ҳәзирги заманагөй тойларда сырт ел кино-сериалларының тәсири ҳәм социаллық тармақлар арқалы жәмийетке белгисиз үрп-әдетлердиң қосылыўы адамды ойландырады.
Соңғы жыллары өзбек тойларында бир неше белгисиз үрп-әдетлер бақланбақта. Мысал ушын, символикалық жағдайда оттың әтирапында айланыў, шаңарақ үлкенлерине тәжим етиў жағдайлары бақланбақта. Биз Түркия кинолары арқалы билген аяқ ойынлар ямаса келин ақ көйлекке қызыл белбеў буўыўы, Батыс дәстүрлеринен өзлестирилген “wedding dance” сыяқлы үрп-әдетлерсиз өзбек тойлары өтпей қалып атырғандай. Бул жаңалықлардың көпшилиги социаллық тармақлардағы видеолар, белгили сериаллар ямаса сырт елде той өткерген таныслар тәсиринде қәлиплеспекте. Қалаберди, жаңалыққа умтылыў ҳәм эстетикалық “оригинал”лық та буған себеп болыўы мүмкин. Айырымлары болса өз дәстүрлериниң мазмунын терең түсинбегени ушын басқа мәдениятларға ереди.
Әлбетте, айырым үрп-әдетлер өзлестирилип атырған болса да, көп жағдайларда оларды орынлап атырған адамлар олардың тийкарғы мәнисин билмейди. Дурыс, бул дәстүрлер терең ҳүрметтиң көриниси ямаса символикалық мәнилерди нәзерде тутып өткерилиўи мүмкин. Бирақ онда дәстүрлерди кеўил ашарлық ямаса әдет емеслик сыпатында қабыл етиў көбирек ушырасады.
Мәдений алмасыўлар турмысымызда тәбийғый процесс болып есапланады. Бирақ, бул процесслер тийкарғы қәдириятларды жоғалтпаў, өзликти аңлаў ҳәм ең әҳмийетлиси, заманагөйлик пенен миллийликти үйлестирген ҳалда әмелге асырылыўы керек. Болмаса, мәдений имитация тамырсыз, өзине исенимсиз жәмийетти қәлиплестиреди. Ҳәр бир адам ислеп атырған ҳәрекетиниң мәнисин аңламаса, ол мәресим емес – тек ғана “шоу”ға айланады.
Өзбек тойларындағы сырт ел дәстүрлериниң кирип келиўи заман талабы болыўы мүмкин. Бирақ бул процесс саналы, сын көзқарастан ҳәм мазмунлы болыўы зәрүр. Ҳәр бир дәстүр, ҳәр бир мәресим – бул халықтың руўхый ғәзийнеси. Оны байытыў мүмкин, бирақ алмастырыў емес. Өзимиздиң тамырымызды жойытпастан, дүнья менен үнлес болыў – мине, бул ҳақыйқый раўажланыў.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы