Мәмлекетимиздиң қайсы аймағында ең көп мәйек жетистирилди?

134

Мәйек – күнделикли азық-аўқат рационының әҳмийетли бөлеги болып, оның көлеми мәмлекет экономикасындағы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат көрсеткишлеринен бири сыпатында үлкен әҳмийетке ийе. Мәйек сарысы қурамындағы лейцитин холестерин муғдарын нормада сақлаўға жәрдем береди. Мәйектиң қурамы азықлық жақтан белок, витаминлер ҳәм ҳәр қыйлы микроэлементлерге бай. Қалаберди, қайнатылған мәйек тойыныў сезимин күшейтеди ҳәм салмақ жоғалтыўға жәрдем береди.

Миллий статистика комитетиниң 2025-жыл январь-июнь айларына байланыслы дәслепки мағлыўматларына бола, республикамызда барлық категориядағы хожалықлар тәрепинен жәми 4 миллиард дана мәйек жетистирилген. Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 8,2 процентке өсиўди аңлатады ҳәм жергиликли өндиристиң турақлы раўажланып атырғанын көрсетеди.

Аймақлар кесиминде мәйек жетистириў көлеми болса республикадағы аўыл хожалығы жумысының бөлистирилиўи ҳаққында анық түсиник береди. Соның ишинде, Ташкент ўәлаяты 709,5 миллион дана мәйек жетистириў менен жетекшилик етпекте, бул болса мәмлекет бойынша мәйек жетистириўдиң тийкарғы орайы екенин дәлиллейди. Самарқанд ўәлаяты болса 596,3 миллион менен екинши орында турып, үлкен өндирис қуўатлылығына ийе аймақ сыпатында ажыралып турады. Соның менен бирге, Наманган ўәлаятында 330,9 миллион, Ферғана ўәлаятында 324,9 миллион ҳәм Әндижан ўәлаятында 314 миллион дана мәйек жетистирилмекте.

Сондай-ақ, Сурхандәрья ўәлаятынан 296,1 миллион, Қашқадәрьядан 255,4 миллион, Хорезм ўәлаятынан 253,3 миллион, Бухарадан 249,9 миллион, Наўайы ўәлаятынан 215,5 миллион, Қарақалпақстан Республикасынан 200,4 миллион, Жиззақ ўәлаятынан 183,6 миллион дана, Сырдәрьядан 92,6 миллион дана мәйек алынған.

Бул аймақлар бойынша мағлыўматлар республиканың түрли аймақларында аўыл хожалығы тараўындағы өндиристиң раўажланыў пәтлерин, өндирис нәтийжелилигин ҳәм базардағы талап жағдайын тереңирек таллаў имканиятын береди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА