Өзбекстан-Словакия-Чехия: Метрология ҳәм инновацияда жаңа перспективалар

Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров Чехия ҳәм Словакия мәмлекетлери менен биргеликте шөлкемлестирилген жаңа лабораториялардың ашылыў илажы шеңберинде Чехия Республикасы елшиси Любомир Фреборт ҳәм Словакия елшиси Виктор Борецкий менен ушырасты.
Сөйлесиўлер шеңберинде техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология тараўларын жедел раўажландырыўға өз-ара таярлық тастыйықланды.

Чехия ҳәм Словакия мәмлекетлери менен бирге ислесиў жаңа пәтлерде раўажланып атырғаны, товар алмасыў көлеми ҳәм инвестициялық жойбарлардың саны өсип атырғаны, ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси шеңберинде тараўға байланыслы әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылғаны атап өтилди.

Чехия Миллий метрология институты (CMI) менен басым бойынша квант лабораториясы ҳәм Словакия Миллий метрология институты (SMU) менен температура бойынша квант лабораториясын шөлкемлестириў, Европаның TAIEX ҳәм TWINNING грант бағдарламалары арқалы қәнигелердиң кәсиплик тәжирийбелерин, билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыўға итибар қаратылды.

Ушырасыў шеңберинде Чехия ҳәм Словакия мәмлекетлери метрология тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған еки әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды.
Өзбекстан миллий метрология институты, Словакия метрология институты ҳәм Чехия метрология институты менен биргеликте жаңа лабораториялардың жумысына старт берилди.

Жаңадан шөлкемлестирилген Химия лабораториясында Словакия метрология институты (SMU) менен “Суўлы еритпелердеги водород ионлары активлигиниң pH көрсеткиши” бойынша бирлемши ҳәм екилемши эталонлар және “Суўлы еритпелердеги ионлары активлигиниң нитрат (pX) көрсеткиши” ҳәм Чехия метрология институты (CMI) ) “Суйықлықлардың салыстырмалы электр өткизгишлиги бирлиги” бирлемши эталоны жәрдеминде тийисли сынақлар әмелге асырылады.
ӨзА