Қоңыратта университтиң жаңа факультети ашылды

143

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 19-20-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында, 2025-2026-оқыў жылынан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат факултетиниң ашылыўы белгилеп берилген еди.

Усы мүнәсибет пенен 5-сентябр күни «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ аймағында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат факультетиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда Қоңырат районы ҳәкими Бегзод Мадаминов, «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ директоры Шухрат Шамуратов, университет жәмәәти, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп университет ректоры, академик Ахмед Реймов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде жасларға берилип атырған кең имканиятларды айрықша атап өтти.

-Бүгин ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў системасы, соның ишинде, жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларымызға өз қәбилетин жүзеге шығарыў, билим алыў, заманагөй кәсиплерди ийелеў ушын кең жол ашылмақта,-деди өз сөзинде  университет ректоры.-Қоңыратта университетимиз факультетиниң ашылыўы тек ғана усы район емес, ал, пүткил Қарақалпақстан жаслары ушын үлкен имканият. Енди жасларымыз өз үйинен узақласпай, заманагөй шараятларда билим алып, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын қәнигелер болып жетиседи.

Сондай-ақ, ректор билимлендириўдиң сапасын, оқытыўшылардың маманлығын арттырыў, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм өндирис кәрханалары менен бирге ислесиўди беккемлеў бойынша анық режелер белгиленгенин атап өтти.

Салтанатлы мәресимде Қоңырат районы ҳәкими Бегзад Мадаминов жаңа факултеттиң ашылыўы районда жаслардың билим алыўы ҳәм кәсиплик раўажланыўы ушын әҳмийетли қәдем екенин айтып, бәршени жаңа факультеттиң ашылыў менен қызғын қутлықлады.

Соны да айтып өтиўимиз керек, бул жаңа факультеттиң жумыс баслаўы мәмлекетимиздиң санаат потенциалын буннан былай да раўажландырыў, заманагөй кадрлар таярлаў системасын аймақлық дәрежеде беккемлеў, билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы өз-ара байланысты күшейтиўге қаратылған. Усы мақсетте Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат факультети тек ғана илимий-методикалық орай емес, ал, әмелиятқа бағдарланған билимлендириў дәргайы сыпатында өз жумысын алып барады.

Илажда имарат алдына тартылған лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў дәргайында студент-жаслар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы