Өзбекстан ҳәм Корея: Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў күшейтиледи

Сенатта Жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиў комиссиясының баслығы Анвар Тойчиев Корея Республикасының Мирянг қаласы Жергиликли ўәкилликли уйымының баслығы Хо Хонг басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

Онда Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди. Мәмлекетлер басшыларының сиясий ерк-ықрары мәмлекетлераралық қатнасықлардың және де раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Еки мәмлекеттиң барлық бағдарлардағы бирге ислесиўи, атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды кеңейтиў және аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў, дослық топарларының жумысын жеделлестириў ҳәм кең көлемдеги биргеликтеги илажларды шөлкемлестириў мәселелери де додаланды.

“Электрон парламент” системасын енгизиў, “ақыллы аўыл хожалығы” жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, экология ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиўди күшейтиў бойынша усыныслар билдирилди.
Н.Абдураимова, ӨзА