Танзила Норбоева: Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўде статистика ушын қосып жазыўларға улыўма жол қойылмайды

165

Сенат жалпы мәжилисинде Өзбекстан – социаллық мәмлекет, деген конституциялық принципти әмелге асырыў ушын барлық имканиятларды жумсаў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева адамларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, жаңа қуўатлықлар, заманагөй жойбарларды иске қосып, халықты, әсиресе, жасларымызды мүнәсип дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў тийкарғы ўазыйпалардан есапланатуғынын айрықша атап өтти. Хабарыңыз бар, жақында Президентимиздиң басшылығында өткен мәжилисте жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Бул бағдардағы  машқалалар талланды.

Қосымша имканиятлар көрсетип өтилди. Әҳмийетли әмелий механизмлер белгилеп берилди. Атап айтқанда, усы жылғы 92 мың питкериўшиниң кейинги жумысында жәрдемлесиў илажлары белгиленди.

– Әлбетте, бул өз-өзинен болмайды, – деди Т.Норбоева. – Тек ғана атқарыў уйымлары емес, ал ўәкилликли институтлар, яғный биз сенаторлар, депутатлар да бул жумысқа бас қатырыўымыз керек. Президентимиз де бул бойынша бизге исеним билдирди. Сенат кеңесиниң 13-август күни болып өткен мәжилисинде бул мәселелерди тийисли министрликлер, уйымлар, аймақлар менен ҳәр тәреплеме додалап, айрықша қарар қабыл еттик. Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестириў бойынша Республикалық жумысшы топар, қалаберсе, сенаторлар ҳәм жергиликли кеңеслердиң басшылары басшылығында аймақлық жумысшы топарлар шөлкемлестирилди. 37 жоқары оқыў орнының дерлик 49 мыңнан аслам питкериўшисин жумысқа жайластырыў бойынша аймақлар, тармақлар кесиминде анық илажлар, механизмлер, мүддетлер белгилеп алынды.

“Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша қатнас жасаў керек. Рәсмийлик ушын ғана атына жумысқа орналастырыў жағдайлары ямаса оннан да жаманы – қурғақ статистика ушын қосып жазыўларға пүткиллей жол қойылмаўы шәрт. Сол себепли, тийисли электрон базаларға киргизилген мағлыўматлардың ҳақыйқыйлығы үйренип барылыўы зәрүр. Аймақлық жумысшы топарлар менен биргеликте питкериўшилерди жумысқа жайластырыўға байланыслы процесслерде пайда болатуғын машқалаларды жеделлик пенен шешиў илажлары көрилиўи керек. Билимлендириў, медицина сыяқлы әҳмийетли социаллық тараўларда бир аймақтан басқа аймаққа барып ислеўине туўра келген питкериўшилер ушын зәрүр шараятлардың жаратылыўы аймақ басшыларының турақлы итибарында болыўы керек. Бул бағдардағы жумыслардың жағдайын ҳәр ҳәпте де жумыс тәртибинде додалап барамыз,” деди Сенат Баслығы.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў – актуал социаллық әҳмийетке ийе мәселе. Сонлықтан, барлық сенаторлар ҳәм ҳүкимет ўәкиллеринен, әсиресе, жергиликли кеңеслер ҳәм аймақ басшыларынан усы ўазыйпаларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырыўға жуўапкершилик пенен қараў соралды.

 

     ӨзА