Азия чемпионын район ҳәкими сыйлықлады

157

Усы жылдың 28-август – 1-сентябр күнлери аралығында Қытайдың Шэньян қаласында спорттың академиялық ескек есиў түри бойынша 19 ҳәм 23 жастағы жаслар арасында Азия чемпионаты болып өткен еди.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз спортшыларынан қызлар арасында Айдана Сметтулаева алтын, Нурила Абдуалиева қола, ерлер арасында Бабур Хайтбаев гүмис медальларды жеңип алған еди.

Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адилов негизи тахтакөпирли болған Азия чемпионы Айдана Сметуллаева ҳәм оның анасы менен ушырасып, жас спортшыны қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлады. Ушырасыўда район ҳәкимлиги тәрепинен спортшыға Ҳүрмет жарлығы, ата-анасына Миннетдаршылық хаты тапсырылды.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, Айдана Сметуллаева 2021-жылдан баслап Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында билим алып келмекте.

Ол 2022-жылдан баслап академиялық ескек есиў бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзасы, халықаралық дәрежедеги спорт шебери болып табылады.

А.Сметуллаева республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилип атырған спорт жарысларында нәтийжели қатнасып, спорттың академиялық ескек есиў бойынша перспективалы споршылардың бири.

Атап айтқанда, тахтакөпирли жас спортшы 2022-жылы Ташкент ўәлаятында өткерилген Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогинде алтын, 2023-жылы Россия Федерациясы пайтахты Москва қаласында өткерилген «Москва Регатасы» халықаралық турниринде қола, 2023-жылы Таиланд мәмлекетинде өткерилген Азия чемпионатында қола, 2024-жылы сентябр айында Қытай мәмлекетинде өткерилген Азия чемпионатында алтын, 2025-жылы «Москва Регатасы» халықаралық турниринде және қола, 2025-жылдың август айында Литва мәмлекетинде өткерилген Жәҳән чемпионатында гүмис, Қытайда өткерилген Азия чемпионатында алтын медальларды жеңип алыўға миясар болды.



Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен жас спортшыға көрсетилип атырған бундай итибар, оның алдағы жарысларда да жоқары нәтийжелерди көрсетиўине руўхый демеў болады, деп исенемиз.

  Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы