Байланыс операторлары абонентлердиң қаржысын олардың келисимисиз шешип алмақта

Сенат жалпы мәжилисинде күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерди көрип шығыўдан алдын сенаторлар тәрепинен адамларды қыйнап киятырған машқалалы мәселелерге итибар қаратылды.
Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов жалпы мәжилислерде халықты тәшўишке салып атырған машқалалы мәселелердиң көтерилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Ең әҳмийетлиси, олардың шешимине Ҳүкимет, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар итибар қаратпақта. Бирақ, бундай мәселелердиң сезилерли дәрежеде азаймай атырғаны, жуўапкерлер болса, жәмийетшилик жар салмағанша оларға итибар қаратпай атырғаны тәшўишке салмақта.

– Мине және бир мысал: соңғы ўақытта мобиль байланыс операторлары тәрепинен абонентлердиң келисимисиз, хабарсыз төлемли СМС ҳәм хызметлерге оларды автомат түрде жалғаў жағдайлары көплеп бақланбақта, – деди Қ.Бурхонов. – Ақыбетинде пуқаралардың есабынан олардың келисимисиз қаржы шешип алынбақта. Сонлықтан, комитетимиз төлемли СМС ҳәм хызметлерге автомат түрде жалғаныў жағдайларының келип шығыў себеплерин ҳәм оған шараят жаратып атырған факторларды дәслепки тәризде үйренип шықты. Мәлим болыўынша, 2025-жыл 1-январь жағдайына мобиль байланыс абонентлериниң саны 36 миллионнан артқан. Бул абонентлерге жоқарыда атап өтилген төлемли хызметлер мобиль байланыс операторлары тәрепинен емес, ал контент провайдерлер тәрепинен көрсетиледи ҳәм олардың саны ҳәзирги ўақытта 100 ден асып кеткен. Көпшилик контент провайдерлериниң хызметлери телекоммуникация компаниялары менен дүзилген бирге ислесиў шәртнамаларына тийкарланып көрсетилмекте. Бирақ, әмелде бул шәртнамалар ушын ҳақы абоненттиң телефон номериндеги есап-бетинен оның келисимисиз шешиледи. Ең қызығы, бир мәрте хызметке жалғанған абоненттен ҳәр күнлик, ҳәр айлық қаржылар тийкарғы есап бетинен шешип алынбақта.
Үйрениў нәтийжесинде сондай жуўмаққа келинген, контент хызметине жалғаныў жүдә аңсат, хызметти бийкарлаў болса, жүдә қыйын процесс болып қалып атырғаны белгили болған. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта пайдаланыўшыларға контент провайдерлери тәрепинен усыныс етилип атырған хызметлер бағдарын тәртипке салатуғын өз алдына нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жоқ екенлиги анықланған.
Соның менен бирге, мобиль байланыс абонентлерине берилетуғын лицензия талап ҳәм шәртлеринде де контент провайдерлери ушын айрықша бәнт киргизилмеген.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине 2024-жылы тутыныўшылардан мобиль байланыс хызметлерине байланыслы мәселелерге тийисли 1 мың 199 мүрәжат келип түскен. Оларды көрип шығыў нәтийжесинде тутыныўшылардыӊ пайдасына 683,2 миллион сум қаржы қайта есап-санақ етилген.
– Енди сораў туўылады, ҳуқықый бослықлар ямаса басқа себеплер ақыбетинде адамлар, яғный, абонентлер көрген зыянлар ушын ким жуўап бериўи керек? Бизиңше, бул машқалаға Ҳүкимет дәрежесинде шешим табыў керек. Болмаса, арзымаған сыяқлы болып көринген, бирақ пуқаралардың миллиардлаған сум пулын олардың ықтыярысыз көрсетилген хызметлер ушын сорамай алып қоя бериў үлкен машқалаға айланып, нызамбузыўшылықларға және де кеңнен жол ашады. Себеби, тәкирарлап айтаман, бундай машқалалар халықтың кейпиятына унамсыз тәсир етеди. Сонлықтан, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шығыўда комитетимиз де жуўапкерлер менен бирге ислесиўге таяр екенин билдиремен, – деди Қ.Бурхонов.
Норгул Абдураимова,
Носиржон Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА