АҚШ дрон жаратыў бойынша артта қалмақта

178

АҚШ дрон ислеп шығарыў ҳәм жерден басқарылатуғын қурылмалардан пайдаланыў бойынша Россия ҳәм Украинадан артта, деп жазды “Politico”  басылымы экспертлерге сүйенип.

– АҚШ армиясы украиналылар ҳәм россиялылар өзлестирген заманагөй дронлардың ақылға уғрас келмейтуғын дәрежедеги резерви муғдарына жақынласа алмайды, – делинген газета хабарында.

Атап өтилиўинше, бул жерде гәп камикадзе категориясындағы дронлар, қурғақлықтағы әскерлер ушын самолётлар ҳәм алдынғы сызық бойлап ҳәрекетленетуғын киши дронларды тасыўға уқыплы үлкен қурылмалар ҳаққында бармақта.

– Биз жүдә артта қалдық, – дейди Америка қәўипсизлик орайы қорғаныў бағдарламасының директоры Стейси Петтижон. – Дронларды қуралланыў ушын қабыл етиў машқаласы сонда, АҚШта арзан ҳәм сапалы таңлаў жоқ. Яғный, мәмлекетте бундай дронды ислеп шығарыў ушын санаат имканияты жетерли емес.

Май айында “Wall Street Journal” Америка армиясы ушыўшысыз самолётлардан пайдаланыў көлемин сезилерли дәрежеде кеңейтиў режелестирилип атырғаны, ҳәр бир бөлимше мың данадан усындай үскене менен тәмийинленетуғынын мәлим еткен еди.

Басылым мағлыўматында инновация АҚШ Қураллы күшлери резервин қайта көрип шығыў басламасы шеңберинде енгизилетуғыны, бул жойбар ушын келеси бес жылда жәми 36 миллиард доллар зәрүр екенлиги келтирилген.

С.Раҳимов, ӨзА