Жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды

139

Бүгин, елимиздеги барлық мектеплер қатарында Нөкис районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 31 улыўма орта билим бериў мектеплеринде де “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.

Усындай байрам кешеси Ақмаңғыт посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилди. Илажға район ҳәкими З.Зайтов қатнасып,  быйылғы оқыў жылының басланыўы ҳәм усы мектеп «Мәртлик мектеби» болып шөлкемлестирилиўи менен қатнасыўшыларды қутлықлады.

Илаж даўамында оқыўшыларға 12 атамадағы оқыў қуралларынан ибарат Президент саўғалары тапсырылып, жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.



Буннан соң,  «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!» сүрени астында биринши  Ғәрезсизлик сабағы өтилип, соңғы жылларда елимизде жүз берип атырған жаңалықлар бойынша мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги