Жаңа оқыў жылындағы режелер ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен «Жаңа 2025-2026-оқыў жылына таярлық мәселелери: алдағы турған режелер ҳәм ўазыйпалар» атамасындағы кеӊейтилген коллегия мәжилиси өткерилди.
Коллегия мәжилисине Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен Е.Мўминов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов, Министрликтиң сектор баслықлары, Жоқары билимлендириў оқыў орынлары ректорлары ҳәм директорлары ҳәм Кәсиплик билимлендириў шөлкемлери (техникумлар) директорлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри А.Аяпов басқарып барды.

Онда шығып сөйлегенлер дәслеп Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы ҳәм жаңа 2025-2026-оқыў жылы менен қызғын қутлықлап, заманагөй педагогикалық кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў, оқыў процессинде инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.
Сондай-ақ, мәжилис даўамында республикамыздағы Жоқары билимлендириў оқыў орынларында ҳәм Кәсиплик билимлендириў шөлкемлеринде өткен оқыў жылында жол қойылған қәте-кемшиликлер менен бирге жаңа 2025-2026-оқыў жылына таярлық жумыслары, басшы ҳәм педагог кадрлардың кәсиплик компетентлигин раўажландырыў, оқыў-методикалық тәмийнатын күшейтиў, билимлендириў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў бойынша мәселелер де атап өтилди.
Соның менен бирге, коллегия мәжилисинде қатнасыўшылардыӊ пикир-усыныслары да тыӊланды.

Мәжилисте әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги