АРБ Қарақалпақстанда 87 километр жолды оңлаў ушын қарыз ажыратады

Азия раўажланыў банки (АРБ) Өзбекстан Республикасына Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў-2 коридорының тийкарғы бөлегин модернизациялаў ушын 233,1 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз ажыратыўды мақуллады.
Жойбар регионаллық байланысты жақсылаў, саяхат ўақтын қысқартыў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырыў ҳәм мәмлекеттиң батыс аймақларында транспорт инфраструктурасының климат өзгериўине шыдамлылығын арттырыўға қаратылған.
Атап өтилиўинше, бул жойбар Қарақалпақстан Республикасындағы Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў (А380) автомобиль жолының шама менен 87 километрин реконструкциялаўды нәзерде тутады. Жойбар шеңберинде 75 километрлик жаңа айланба жол (Төрткүл – Елликқала – Беруний) қурылып, ҳәзирги А380 жолының 12 километрлик бөлеги реконструкцияланады.
Жойбар климат өзгериўи ҳәм экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселериниң тәсирине шыдам бериў ушын бетон қапламалар, көтерилген жағалықлар ҳәм жетилистирилген дренаж системаларын өз ишине алған климатқа шыдамлылық өзгешеликлерин қамтып алады.
“Бул инвестициялар Өзбекстанның регионаллық транзит орайы сыпатындағы ролин беккемлеп, Қарақалпақстанда инклюзив экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайды. Климатқа шыдамлы инфраструктура ҳәм ақыллы транспорт системаларын енгизиў узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеп, адамлар ҳәм бизнес ушын саяхатты қәўипсиз ҳәм нәтийжелирек етеди”, – деди АРБның Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Канокпан Лао-Арая.
Жойбардың улыўма баҳасы 293,7 миллион АҚШ доллары болып, Өзбекстан ҳүкиметиниң үлеси 60,6 миллион АҚШ долларын қурайды.
Мағлыўмат ушын, АРБ ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўине быйыл 30 жыл толды. Өзбекстан АРБға 1995-жылы ағза болғанынан берли Банк мәмлекетлик секторға улыўма баҳасы дерлик 14,3 миллиард АҚШ доллары муғдарында қарыз, грантлар ҳәм техникалық жәрдем ажыратқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги