Адамгершиликтиң жоқары үлгиси

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ең әзиз улыўма миллий байрамымыз – Ўатанымыз ғәрезсизлиги жәрияланғанының отыз төрт жыллығын белгилеў алдында мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын жүректен пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы Парманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын жүректен пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен 523 шахс әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 195 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 147 си жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди. 87 синиң еркинен айырылыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 94 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 8 ин сырт ел пуқаралары, 45 ин ҳаял-қызлар, 31 ин 60 жастан асқан ер-адамлар, 220 син жаслар (олардан 1 и жас өспирим) ҳәм 15 ин қадаған етилген шөлкемлер жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм туўысқанларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА