Нью-Йоркта Ўатанласлар регионаллық форумы өткерилди

Америка Қурама Штатларының Нью-Йорк штаты Сиракуз қаласында “Ўатанласлар регионаллық форумы” өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети ҳәм “Ватандошлар” жәмийетлик фонды тәрепинен шөлкемлестирилген бул форумға АҚШ ҳәм Канадада жасайтуғын 300 ге шамалас ўатанласларымыз қатнасты.

Кейинги жылларда сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнас орнатыў, олардың елимизде алып барылып атырған реформалардағы қатнасын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, ҳуқықлары менен мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев бәрқулла атап өткениндей, “Қай жерде жасамасын, ҳәр бир ўатанласымыз – Ўатанымыздың ажыралмас бир бөлеги, оның руўхый елшиси, мақтанышы ҳәм үмити болып есапланады”.
Бул форум да өзбек жәмийети ушын тек ғана руўхый бирлесиў орны емес, ал әмелиятта жаңаша бирге ислесиў жолларын ашып беретуғын стратегиялық майдан ўазыйпасын атқарады.
Форумда Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев шығып сөйлеп, сырт елдеги ўатанласлар менен тығыз байланыслар орнатыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, исбилерменлик платформаларын жаратыў, жәмийетлик турмысты социаллық-экономикалық раўажландырыў, экологиялық турақлылық, сапалы билимлендириў сыяқлы мәселелерде өз-ара пикир алысыў мақсетинде экспертлик ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери есапланған сырт елдеги ўатанласлардың турақлы қарым-қатнасы көринисинде “Uz Global Think” форумы, сырт елдеги ўатанласлар менен байланыслар тараўында мәмлекетлик сиясат Концепциясының жаңа жойбары, академиялық шеңбердеги шахслар, олардың өмир жолы, табыслары, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына хызмет ететуғын усынысларынан ибарат мақалалар жайластырып барылатуғын “Who Is Who” жойбары.

Форумда сырт елдеги ўатанласларымыздың Өзбекстанды раўажландырыўдағы роли ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды. Ўатанласлардың және де аўызбиршилигин тәмийинлеў, түрли әўлад ўәкиллери – студентлер, исбилерменлер, илимпазлар ҳәм басқалардың Ўатан менен байланысын және де күшейтиў мәселелеринде пикирлер, усыныслар ортаға тасланды.
Форум шеңберинде ҳәр қыйлы бағдарларда арнаўлы сектор мәжилислери де болып өтти. Соның ишинде, “Билимлендириў ҳәм инновациялық экономика” бөлиминде жаслар потенциалы ҳәм билимлендириў системасында бирге ислесиў мәселелери, “Санлы технологиялар ҳәм интеграцияласыў” бөлиминде мәлимлеме технологиялары тараўындағы жаңалықлар, санлы хызметлер ҳәм трансмиллий интеграция имканиятлары көрип шығылды. Социаллық раўажланыў ҳәм мәденият бағдарында миллий мийрасты қәстерлеп сақлаў, мәдений байланысларды кеңейтиў, жәмийетте өзбеклердиң имиджин арттырыў бойынша пикир алысылды.
Сиракуз форумы миллий дипломатия, экономикалық бирге ислесиў, мәдений интеллектуаллық қуўатлылықты бирлестирген әҳмийетли ўақыя болып табылады. Форум шеңберинде тек ғана Нью-Йорк емес, ал АҚШтағы абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири есапланған Сиракуз университети менен биргеликте студентлер алмасыўы, биргеликтеги илимий изертлеўлер, профессорлардың баянатларын жолға қойыў мәселелери додаланды. Бул жасларымыз ушын үлкен имканият, Ўатанымыздың билимлендириў системасы ушын болса тәжирийбе ҳәм инновациялар дәреги болып хызмет етеди.

Форум тек ғана диаспора турмысын бирлестирип қоймастан, ал Өзбекстанның халықаралық сиясий абырайын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болды.
ӨзА