“Ўатан” атлы қосықлар топламы таныстырылды

250

Ўатан ҳаққындағы қосықлар қандай болыўы керек? Олар заманагөй, йошлы, заўықлы, тартымлы болыўы зәрүрлигин дәўирдиң өзи көрсетпекте.

Пайтахтымыздағы “Ренессанс” кино үйинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен таярланған “Ўатан” атамасындағы қосықлар топламының презентациясы болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажға кең жәмийетшилик, жазыўшы ҳәм шайырлар, композиторлар, оқытыўшылар, студент-жаслар мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен “Ўатан” атамасында қосықлар топламы таярланды.

Бул жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет халқымыз арасында ўатансүйиўшилик, жаңа миллий руўхыйлық ҳәм улыўма миллий аўызбиршиликти жырлайтуғын, заманагөй усылдағы, жаслар қәлбине жақын музыкалық шығармаларды жаратыўға жақыннан жәрдемлесиўден ибарат.

Презентацияда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов елимизде жаслардың мәнаўиятын арттырыў мәселеси тийисли структураларға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын атап өтти.

– Мақсетимиз бир – елимиз жасларының және де мәрипатлы болыўына үлес қосыў, – деди Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов. Инсанның руўхый дүньясына, оның руўхыятына ең тез тәсир көрсететуғын қурал бул көркем өнер. “Ўатан” атлы қосықлар топламы өзинде көплеген қосықларды жәмлеген. Бул топламды жаратыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, түрли министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик шөлкемлер менен биргеликте мийнет еттик. Елимиз дөретиўшилериниң ўатансүйиўши, халықшыл екени усы процессте және бир мәрте көринди. Айырым қатнасыўшылар ҳәттеки АҚШтан жетип келип, оның жүзеге келиўине өз үлесин қосты. Бул қосықлар топламы шын мәнисинде “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген уллы идеяны өзинде жәмлегени менен дыққатқа ылайық.

“Ўатан” топламынан Хайринисо Акбарова ҳәм Қосим Муиновтың “Ана жерим”, Давлатшоҳ Ҳамроқуловтың “Миллатим”,  Миршод Эловтың “Батырлар қосығы”, “Сетора” топарының “Өзбекстан – тәғдирим”,  сондай-ақ, Шаҳноз, Фаррух Фазел, Женисбек Пиязов ҳәм “Сетора” топарының атқарыўындағы “Алға, Өзбекстан” қосықлары орын алған.

Бул жойбарда шайырлар Муҳаммад Сиддиқ, Нурмуҳаммад Зоир, Фаррух Жабборбек, Шаҳноз және композиторлар Қосим Муинов, Ҳамиджон Муниров, Ўктамхон Ҳакимбек сыяқлы дөретиўшилер белсене қатнасты.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы