Ғаўаша майданларында үзликсиз мониторинг жумыслары алып барылмақта

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң тийисли буйрығына тийкарланып республикамызда ғаўаша ҳәм тәкирарый егинлердиң (мәш, лобия ҳәм басқалар) тийкарғы зыянкеслери, атап айтқанда, ғаўаша қуртына қарсы нәтийжели илажларды көриў мақсетинде 2025-жылдың 18-августынан 6-сентябрине шекем “Әҳмийетли 20 күнлик” жәрияланған еди.
Усы илажлар шеңберинде ғаўаша ҳәм тәкирарый егислик майданларында үзликсиз мониторинг ҳәм фитосанитариялық атыз қадағалаўы алып барылып, агентликтиң “Агрокўмакчи” мобиль қосымшасы арқалы “Атыз дәптери”ниң жүргизилиўи жолға қойылды.
Сондай-ақ, ҳәр еки гектар майданға бир-биреўден феромон тутқыш орнатылып, оның нәтийжелери тийкарында зыянкеслер қадағаланбақта.

“Әҳмийетли 20 күнлик” илажлары Тақыятас районында да әмелге асырылып, зыянкеслерге қарсы биологиялық қорғаў қураллары белгиленген нормаларда қолланылыўы бойынша қатаң қадағалаў орнатылды. Егер ғаўаша қуртының тарқалыўы экономикалық зыян муғдары өлшеминен (EZMÓ) асса, зәрүр жағдайларда химиялық қайта ислеў өткерилиўи белгиленген. Атап өтиў керек, химиялық қайта ислеўден кеминде 3 күн алдын аймақтағы пал ҳәррешилер ескертиледи.
– Агрокластерлер, фермер ҳәм дийқан хожалықларының басшылары және қыйтақ жер ийелеринен ғаўаша ҳәм тәкирарый егинлерде зыянкес анықланғанда, бул ҳаққында дәрҳал Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине хабар бериў талап етиледи. Егер фитосанитариялық талаплар өз ўақтында орынланбаған жағдайда, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шара илажлары көриледи,-дейди агентликтиң фитосанитариялық қадағалаў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы А.Елмуратов.
“Әҳмийетли 20 күнлик” илажлары республикамыз бойлап барлық районларда нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги